Шоманайда және бир шаңарақлық шыпакерлик пункти ашылды

24

2026-жыл 11-февраль күни Шоманай районындағы Дийқанабад аўыл пуқаралар жыйыны аймағында медициналық хызметлердиң сапасын және де жақсылаў, халыққа қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде “Майлы өзек” шаңарақлық шыпакерлик пунктиниң ашылыў мәресими болып өтти.

Онда район ҳәкими А.Аметов, районлық Медицина бирлеспесиниң баслығы А.Юлдашев, нураныйлар, кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.

Ашылыў мәресими даўамында атап өтилгениндей, усы шаңарақлық шыпакерлик пунктиниң иске қосылыўы халықтың турмыс сапасын арттырыў ҳәм олардың саламатлығын тәмийинлеў жолында әмелге асырылып атырған избе-из реформалардың әмелий көриниси болып есапланады.

Бул шаңарақлық шыпакерлик пункти район орайынан 31 километр узақлықта жайласқан болып, 2827 адамға хызмет көрсетеди.

Илажда қатнасыўшылар шыпакерлик пунктте жаратылған шараятлар менен танысып, бул шыпакерлик пунктиниң иске қосылыўы аймақ турғынларының саламатлығын беккемлеў, профилактика ҳәм ерте диагноз қойыў имканиятларын кеңейтиў, дәслепки медициналық жәрдемниң қамтып алыныўын арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе екенин айрықша атап өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги