Бизнесиӊиздиӊ раўажланыўы кейпиятыңызға байланыслы

Бизнес ҳәм тутыныўшылар кейпиятын бақлаў, үйрениў Орайлық банк жумысында тосыннан бағдар емес. Баҳалар турақлылығын сақлаў, инфляцияны қадағалаў, экономикалық белсендиликти баҳалаў, пул-кредит сиясатын белгилейтуғын Бас банкке не дейсиз?
Экспертлердиң айтыўынша, талап ҳәм усыныс тең салмақлығы, өндирис қуўатлықларының жағдайы, бизнес белсендилигиниң төменлеўи ямаса өсиўи, инфляцияның келеси бағдарын алдыннан көриўде усы кейпият ҳәм күтилмелер шешиўши әҳмийетке ийе. Мәселен, буйыртпалар қысқарса, талап төменлейди, бул болса инфляция басымының кемейиўине силтейди. Өндирис қуўатлықлары толық ислесе, усыныс шекленеди ҳәм баҳаларға басым артады.
Экономистлер экономикалық қарарлар тек ғана “қуры санлар”ға емес, ал адамлардың күтилмелери, исеним ҳәм қәўетерлерине сүйенип қабыл етилиўин дәлиллеп берген. Өзимизден салыстырма: егер биз ертеңги күнге исенбесек, пулымызды ҳеш нәрсеге жумсамаймыз, ҳеш жаққа тикпеймиз, алатуғынымызды кейинирек мүддетке созып турамыз. Бизнес те дерлик усы тәризде ислейди, қарарды базардағы жағдай ҳәм оның руўхыйлыққа унамлы ямаса унамсыз тәсири астында қабыл етеди.

Усы тәризде кейпият ҳәм исеним экономиканы ҳәрекетке келтириўши әҳмийетли күшке айланады. Адамлар экономиканы санлар менен емес, өз-ара сәўбетлер, ғалабалық кейпият арқалы сезеди, сезинеди.
Сонлықтан, Орайлық банктиң кейинги жыллардағы монетар сиясатында инфляциялық күтилмелер, исеним индекси, бизнес кейпияты шешиўши күшке айланды. Регулятор өз сиясатында адамлар нени айтып атырғаны, нени атап атырғаны, сөйлеў кейпиятын итибарға ала баслады ҳәм инфляцияны жылаўлаўда ең күшли инструмент сыпатында процент ставкасы менен бир қатарда исенимли коммуникацияны да тән алды.
Инфляция шараятында Орайлық банк тәрепинен алып барылатуғын коммуникация, халық ҳәм бизнестиң инфляциялық күтимлерин басқарыўда әҳмийетли орын ийелейди. Бул күтилмелерди “жылаўлаў” ушын Орайлық банк инфляция мақсетлери, ҳәзирги жағдай себеплери ҳәм ерисилген нәтийжелерге айрықша итибар қаратылған хабарларды анық ҳәм түсиникли тилде тарқатыўды баслайды. Бундай коммуникация пресс-релизлер, баспасөз әнжуманлары ҳәм базар қатнасыўшылары менен турақлы сөйлесиўлер арқалы әмелге асырылады. Нәтийжеде Орайлық банк инфляция қадағалаў астында екенин көрсетип, спекулятивлик ҳәрекетлерди шеклеўши, яғный инфляцияны тезлестириўши, базарда анықсызлықты арттырыўшы, баҳалардың тийкарсыз өсиўи, исенимди төменлетиўши факторларды сапластырыў илажларын көрип, анықсызлықты азайтады, монетар сиясатқа болған исенимди беккемлейди.
Бизнес ҳәм тутыныўшылар кейпияты сораўлары процент ставкасын белгилеўде өндирис қуўатлықлары, кредитке мүтәжлик, финанслық шараятлар, бизнес күтилмелери сыяқлы мағлыўматлар менен үнлес ҳалда талланады.
Орайлық банк дүнья тәжирийбесинен келип шығып экономиканың аймақлық ҳәм тармақ кесиминдеги структурасын, соңғы айлардағы мәмлекетлик сиясат ҳәм институционаллық реформалардың бизнеске тәсирин, өндирислик қуўатлықлардан пайдаланыў дәрежесин, белсендиликке тосқынлық етип атырған факторларды үйренеди. Бул арқалы бизнестиң қысқа ҳәм орта мүддеттеги кейпияты, сондай-ақ, мәмлекеттиң экономикалық сиясатына болған исеними баҳаланады.
Макроэкономистлердиң пикиринше, сораўлар маман дәрежеде дүзилген болып, ҳәзирги экономикалық жағдайды анализлеў, ониң бағдарлары бойынша белгили бир түсиник пайда етиў мүмкин. Сораўлар аймақлардағы экономикалық белсендилик, исбилерменлик орталығы, энергия тутыныўы көлеминиң өзгериўи, жүк тасыў көлемлери, мийнет базары ҳәм тараў перспективаларын анықлаўшы сораўлардан ибарат.
Ҳәр бир сораўға үштен жуўап вариантлары бириктирилген болып, толықлаўшылар бир ўақыттың өзинде олардан биреўин ямаса бир нешеўин таңлаўы мүмкин. Нәтийжелер ҳәр бир жуўап вариантын таңлағанлар санын улыўма жуўаплар санына бөлиў ҳәм айырым топарлар бойынша салмақлы коэффициентлер қолланыў арқалы улиўмаластырылады. Соң мағлыўматлар бөлистириў қағыйдалары тийкарында талланып, орташа көрсеткишлер менен салыстырылады.
Сораўлар халық ҳәм бизнестиң пикирлерин анықлаў, талап ҳәм усынысларын баҳалаў, келешектеги режелерди анықлап алыў, улыўма экономикалық ҳәм социаллық сиясатты қәлиплестириўде, оның бағдарлары ҳәм нәтийжелилигин тәмийинлеўде тийкарғы қурал есапланып, бул процесстиң нәтийжелилиги көп тәреплеме қатнасыўшылар санына байланыслы. Нәтийжеде, сораў қанша көп қатнасыўшыны қамтып алса, статистикалық исеним ҳәм анықлық дәрежесине сонша унамлы тәсир етеди, базардағы жағдай ҳәм халықтың пикири анығырақ көринеди. Нәтийжеде Орайлық банк ҳәм басқа да институтларға инфляция, талап ҳәм усыныс динамикасын анық ҳәм тез баҳалаў имканияты пайда болады. Бирақ Орайлық банк сораўды өткерер екен, онда исбилерменлик жумысы бағдарларын кеңирек қамтып алыў ҳәм репрезентативликти, яғный таңлап алынған белгили бир топардың пикири көпшиликтиң пикирине сәйкес келиўин аңлатыўға итибар қаратылғанын атап өтеди.
Сораўлар таллаўынан белгили болыўынша, бизнес кейпият сораўларында еки мыңнан аслам адамның қатнасқаны (анық сан әҳмийетли!) улыўма түрде көрсетилсе де, респондентлердиң тараўлар, аймақлар ҳәм бизнес түрлери бойынша бөлистирилиўи ашық берилмейди. Бул факторлар репрезентативлик сапасына тәсир етеди.
Соның менен бирге, избе-излик, яғный логикалық избе-излик, алдынғы сораўнамалардың жуўмақлары менен салыстырыў, терең таллаў ҳәм исенимлилик бизнестиң басқа ўәкиллерин де сораўнамада қатнасыўға ийтермелейди.
Сораўларда киши ҳәм орта бизнес тараўларын кеңнен қамтып алыўы, жеке исбилерменлердиң шетте қалыўына жол қоймаў керек. Таллаў ўақтында бизнес ўәкиллери соңғы бир-еки ҳәптедеги машқала (мәселен, электр үзилиўи ямаса жанылғы баҳасының артыўы) себепли пүткил 3 айлық кейпиятты жасалма түрде төменлетип көрсетиўи, кәрханасы ҳәзир жақсы ислеп атырған болса да, “ертең төменлейди” деген қорқынышы жуўапларға тәсир етиўи мүмкин екенлигин итибардан шетте қалдырмаў керек.
Хош, Орайлық банктиң сораўнамаларында бизнес кейпияты ҳаққындағы сораўнамалары анализинде нелерди көремиз ҳәм нелерди көрмей атырмыз?
2025-жылдың II ҳәм III шереклери бойынша өткерилген исбилерменлик орталығы сораўларында исбилерменлердиң 60 проценттен асламы бизнес орталығын жақсыланған, деп баҳалаған. Бул көрсеткиш соңғы еки жыл даўамында турақлы сақланып киятырғаны айрықша атап өтилген.
II шерек анализинде экономикалық белсендилик көрсеткишлери өсиўде екени атап өтилген болса, III шеректе көпшилик көрсеткишлер “өзгериссиз сақланды” деген тәрийп пенен шекленген. Бул турақлылық белгиси ме ямаса өсиў пәтлериниң төменлеўи ме – таллаў бул сораўға анық жуўап бермейди. Шеттеги адамға анық ҳәм исенимли пикир әҳмийетли.
Сондай-ақ, мийнет базары, бәнтлик ҳәм кредитлер бойынша мағлыўматларда да түсиндириўди талап ететуғын тәреплери бар. Айырым аймақларда қуўатлықлардан пайдаланыў артқан болса, неге бәнтлик бирдей өспеди? Қарыз миннетлемелери қысқарған ҳалда, не ушын кредитке талап артыўы күтилмекте? Бул сораўлар ашық қалмақта.
Анализлерди көпшиликке жеткериў – бул тек ғана информация бөлисиў емес. Бул жәмийетте исеним орталығын қәлиплестириў, машқалаларды жасырмастан ашық додалаў, қарарлардың сапасын жақсылаў ҳәм бизнес ушын анық бағдар бериў, мыш-мышларға қарсы гүресиў, исбилерменниң даўысына қулақ салыў дегени.
Усы жерде пикир-усыныс, санларға бай анализды оқыў, таллаў айырым адамларға аўырлық ететуғынын атап өтиў орынлы. Бирақ исбилерменлердиң пикирин улыўмаластырыўшы таллаўлар экран жүзинде қалып қоймастан кең жәмийетшиликке коммуникацияның ҳәр қыйлы каналлары арқалы ҳәр қыйлы әпиўайыластырылған түрлерде жеткерип берилсе, күтилген мақсетке ерисиў мүмкин.
Асқар МАҲКАМОВ, эксперт.