Атақлы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Қәллибек Камаловтыӊ қайтыс болыўына байланыслы кеўил билдириў

51

Атақлы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, белгили мийнет ветераны Қәллибек Камалов усы жыл 11-февраль күни 100 жасында қайтыс болды.

Қәллибек Камалов 1926-жылы 18-мартта Қарақалпақстанның Тахтакөпир районында туўылды. Орта мектепти тамамлап, әскерий хызметти өтеп болғаннан соң, 1955-жылы Нөкис мәмлекетлик университетин тамамлады. Мийнет жолын Қарақалпақстан Республикасы жаслар комитетиниң хаткери лаўазымынан баслап, кейин ала Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары, Нөкис қалалық атқарыў комитетиниң баслығы болып иследи.

Жоқары шөлкемлестириўшилик қәбилетине ийе болған Қ.Камалов Қарақалпақстан Республикасы коммунал хожалығы министри, жол транспорты ҳәм автомобиль жоллары министри, Қарақалпақстан партия комитетиниң хаткери лаўазымларында нәтийжели жумыс алып барды.

Пүткил өмирин ҳәм мийнет жолын өзи туўылып өскен елдиң раўажланыўына бағышлаған шебер басшы 1959-1963-жылларда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, 1963-1984-жылларда Қарақалпақстан Республикасы партия комитетиниң биринши хаткери, Республика жетекшиси сыяқлы жуўапкершиликли ўазыйпаларда жанкүйерлик көрсетип, аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыў, түрли тараў ҳәм тармақларда жумысты заман талаплары тийкарында жолға қойыў бағдарында пидәкерлик пенен мийнет етти.

Қәллибек Камалов 1984-1986-жыллары талантлы дипломат сыпатында да нәтийжели жумыс алып барды.

Ол узақ жыллық көп қырлы мийнет жолы даўамында бай билим ҳәм тәжирийбеси, басшылық потенциалы, жоқары адамгершилик пазыйлетлери, Ўатанымызға шексиз меҳри ҳәм садықлығы менен ел-халықтыӊ жүрегинен терең орын алған уллы инсан еди. Оның тиккелей басшылығында Қарақалпақстан Республикасын ҳәр тәреплеме раўажландырыў, қыйын ықлым шараятында пахташылық, ғәллешилик, шарўашылық ҳәм басқа да аўыл хожалығы тармақларын, сондай-ақ, санаат ҳәм өндиристи раўажландырыў, халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша салмақлы жумысларды әмелге асырылды.

Қәллибек Камалов соңғы жыллары Қарақалпақстан Республикасы нураныйлар жәмийетлик кеңесиниң баслығы сыпатында кекселер ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў, олардың мәплерин жүзеге шығарыў, жәмийетте тынышлық, мийрим-шәпәәт, кеңпейиллик ҳәм аўызбиршилик орталығын беккемлеў, жасларды Ўатанға муҳаббат, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў бағдарындағы жумысларға белсене қатнасып келди.

Қәллибек Камаловтың мәмлекетимиз ҳәм халқымыз алдындағы үлкен хызметлери ылайықлы сыйлықланды. Ол “Шуҳрат” медалы ҳәм “Эл-юрт ҳурмати” ордени менен сыйлықланған еди.

Атақлы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, жаслардың меҳрибан устазы, ҳақ кеўил ҳәм кишипейил инсан Қәллибек Камаловтың естелиги жүреклеримизде мәңги сақланып қалады.

Ш.Мирзиёев, Т.Норбоева, Н.Исмоилов,

А.Арипов, А.Орынбаев, С.Турдиев