Ең дәслепки байрақлар қашан ҳәм қалайынша пайда болған?

21

 Тарийхый мағлыўматларға қарағанда, байрақлар әййемги заманлардан бери бар болған. Олар дәслеп саўаш майданларында әскерий штабтың  жайласқан жерин белгилеў ҳәм әскерлерди тәртипке салыў ушын пайдаланылған.

Атап айтқанда, әййемги греклер таяқларға илдирилген гезлемелерге ҳәрип ямаса белги түсирип, оны байрақ сыпатында пайдаланған. Бул гезлемелер саўаш майданында әскерий бирликти ажыратыў ҳәм идентификациялаў ушын хызмет еткен. Ал, әййемги Римде болса, дәслепки байрақ сыпатында вехиллум қолланылған. Бул найза ушына бириктирилген квадрат формасындағы гезлеме болып, сәркарда яки армия белгисин билдирген. Вехиллумлар тек ғана саўашларда емес, ал, рәсмий мәресимлерде де қолланылған. Сонлықтан олар кейин ала халық ҳәм мәмлекеттиң айрықша белгиси сыпатында қәлиплесе баслаған.

Байрақтың бул әййемги формалары ҳәзирги дәўир мәмлекетлик байрақларының пайда болыўы ҳәм символикалық әҳмийетин түсиниўде негизги тарийхый тийкар болады. Солай етип, байрақлар дәслеп әскерий әмелияттан келип шыққан болса да, ўақыт өтиўи менен мәмлекет ҳәм халықтың бирлигиниң тымсалы сыпатында раўажланған.

Интернет материаллары тийкарында таярлаған:

Бийбисара Жартыбаева,

Бердақ атындағы ҚМУдың 2-курс магистранты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги