Балаларды мектепке таярлаўға 100 процент қамтып алыў ушын қандай илажлар әмелге асырылмақта?

15

Жаңа нызамшылыққа тийкарланып бир жыллық мектепке таярлаў топарларының билимлендириў бағдарламасы мәжбүрий улыўма орта билимлендириўдиң дәслепки басқышы сыпатында киргизилиўи ҳәм мектепке шекемги билимлендириў системасында ойынға тийкарланған билимлендириў бағдарының енгизилиўи режелестирилмекте.

Хош, балаларды мектепке таярлаўға қамтып алыў дәрежесин 100 процентке жеткериў ушын ҳәзир қандай әмелий жумыслар басланған?

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги баспасөз хызметиниң басшысы Дилфуза Собированың мағлыўматларына бола, 2022-2023-жылларда 6 жасар балаларды мектепке шекемги таярлаў системасы менен қамтып алыў дәрежесин 90 процентке, 2024-2025-оқыў жылы жуўмағына шекем 100 процентке жеткериў белгиленген еди.

Халықтың кескин демографиялық өсиўи, сондай-ақ, мәмлекетимиздеги жаңа өндирислик объектлердиң иске қосылыўы ҳәм сырт мәмлекетлерде жумыс ислеп атырған пуқараларымыздың өз жасаў мәнзиллерине қайтыўы нәтийжесинде мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң қуўатлылығына салыстырғанда балалар санының артып кетиўи мектепке шекемги билимлендириўдиң альтернатив түрлерин жаратыў зәрүрлигин жүзеге келтирди.

Альтернатив түр сыпатында Дәслепки раўажланыў орайлары ҳәм алыс аймақларда болса “Ақлвой” мобиль топарлары шөлкемлестирилмекте.

Жоқарыдағы өзгерислер, атап айтқанда, халықтың санының кескин өсиўин есапқа алған ҳалда 2030-жылға шекем балаларды мектепке таярлаў топарлары менен толық қамтып алыў нәзерде тутылған.

Белгиленген тәртипке бола, бир жыллық мектепке таярлаў топарлары улыўма орта билимлендириўдиң дәслепки басқышы сыпатында киргизилди ҳәм 2027-2028-оқыў жылынан баслап 6 жасар балаларға мектепке таярлықтан өткенлиги ҳаққында мәмлекетлик үлгидеги электрон сертификат берилиўи жолға қойылмақта.

Буннан тысқары, мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери тармағын кеңейтиў ушын енгизилип атырған жеңилликлер де орынларда қосымша орынлар жаратыў имканиятын береди.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА