Наўайы ўәлаятында реформалардың нәтийжелилиги ҳәм тийкарғы ўазыйпалар додаланды

Президент Шавкат Мирзиёев 10-февраль күни Наўайы ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳәм келешектеги тийкарғы ўазыйпалар бойынша мәжилис өткерди.
Бурын Наўайы санааты дегенде тийкарынан Наўайы кән-металлургия комбинаты, “Наўайыуран,” “Наўайыазот,” “Қызылқумцемент” сыяқлы ири тармақ кәрханалары нәзерде тутылған, инвестиция да, жумыс орынлары да, экономикалық өсиў де әйне усы кәрханалардың жумысына байланыслы еди.
Аймақларды комплексли раўажландырыў, экономиканы диверсификациялаў ҳәм жаңа өсиў ноқатларын анықлаў бойынша алып барылып атырған жумыслар нәтийжесинде 2025-жылы ири тармақ кәрханаларына байланыслы болмаған аймақлық инвестициялардың көлеми 1,4 миллиард долларға жетти. 2026-жылы бул көрсеткишти 2 миллиард долларға жеткериў мақсет етилген.
Соның менен бирге, өткен жылы ўәлаятта макроэкономикалық турақлылық тәмийинленди. Жалпы аймақлық өним 168 триллион сумды қурап, 7,7 процентке өсти. Санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеминде 8,3 процент, аўыл хожалығында 4,7 процент, хызметлер тараўында болса 13,7 процент өсиў бақланды. 161 мың жаңа жумыс орны жаратылды, жумыссызлық ҳәм кәмбағаллық дәрежеси 4,2 процентке түсти.
Президентимиздиң атап өткениндей, ҳәр бир район ҳәм қаланы олардың салыстырмалы үстинликлеринен келип шыққан ҳалда раўажландырыў зәрүр.
Атап айтқанда, Нурата ҳәм Ғазғанда пардозлаў таслары ҳәм туризм, Тамды ҳәм Үшқудықта таў-кән санааты, Нәўбәҳәрде тоқымашылық ҳәм бағшылық, Кенимехта жайлаў шарўашылығы, Зарафшанда зергерлик ҳәм мәлимлеме технологиялары, Карманада химия санааты ҳәм мәдений туризм, Наўайы қаласында болса машина қурылысы ҳәм сервис тараўлары бойынша үлкен потенциал бар екенлиги көрсетип өтилди.
Соның менен бирге, санааттың раўажланыўы аймақлар кесиминде тең салмақлы емес екени атап өтилди. Ўәлаят бойынша жан басына санаат өниминиң көлеми 177 миллион сумды қураса да, Тамды, Нурата, Хатирчи, Нәўбәҳәр ҳәм Қызылтепа районларында бул көрсеткиш республикалық орташа дәрежеден төмен болып қалмақта. Тамды ҳәм Нурата мрамор, кварц ҳәм базальт сыяқлы тәбийғый ресурсларға бай.
Усы мүнәсибет пенен Нурата районында 50 гектар майданда гранит санаат паркин, қайта ислеў кластери ҳәм пардозлаў таслары базарын шөлкемлестириў, Хатирчи районында 50 гектар майданда киши санаат зонасын иске қосып, 100 миллион долларлық жоқары қунлы жойбарларды жайластырыў усыныслары мақулланды. Пардозлаўшы таслар ислеп шығарыўды бир неше есеге арттырыў ўазыйпасы қойылды.
Бул қуўатлықларды кадрлар менен тәмийинлеў мақсетинде Наўайы санлы технологиялар техникумында таў-кән ҳәм химия санааты ушын кадрлар таярлаў орайы шөлкемлестириледи.
Улыўма, усы жылы ўәлаятқа 4,2 миллиард доллар сырт ел инвестициясын тартып, экспорт көлемин 1,5 миллиард долларға жеткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Мәжилисте ўәлаяттың киши ҳәм орта кәрханаларын қоллап-қуўатлаў, оларды локализациялаўға кеңирек тартыў зәрүрлиги атап өтилди.
Аўыл хожалығы бағдарында да бар имканиятлар толық иске қосылмай атырғаны көрсетип өтилди, себеби ўәлаяттағы 9 миллион гектар жайлаў қойшылық, түйешилик ҳәм жылқышылықты экономиканың драйверине айландырыў ушын жетерли. Шарўашылықты раўажландырыў мақсетинде 2026-жылы сырт елден майда мүйизли қарамал, ҳасыл туқымлы түйе ҳәм атлар алып келинеди.
Улыўма етип айтқанда, ўәлаяттағы 3,3 миллион гектар жайлаў жойбарлаў көзқарасы тийкарында аўыл хожалығы айланысына киргизиледи. Қытайдың шөлистанлыққа қарсы гүресиў тәжирийбеси тийкарында Наўайыда шөлистанлықты сапластырыўға қаратылған жойбарлар әмелге асырылады.
Ўәлаят билимлендириў тараўында да республикада жетекши аймақлардан бири есапланады. Жоқары билимлендириўге қамтып алыў 71 процентти қурамақта, өткен жылы 10 мектеп питкериўшилери жоқары оқыў орынларына кириў бойынша 100 процентлик нәтийжеге еристи.
Жаңа оқыў жылынан баслап Наўайы ҳәм Зарафшан қалаларында “Бир мектеп – бир IT класс” принципи тийкарында қәнигелескен класслар ашыў усыныс етилди. Буның ушын ўәлаяттан 100 оқытыўшы IT ҳәм жасалма интеллект бағдарларында пайтахтта ҳәм сырт елде тәжирийбе арттырады, Ташкент мәлимлеме технологиялары университетиниң Зарафшан филиалында жасалма интеллект ҳәм киберқәўипсизлик бағдарында күндизги билимлендириў бағдарламасы жолға қойылады.
Мәжилисте туризм тараўы да додаланды. 2026-жылы Наўайы ўәлаятына 600 мың сырт елли ҳәм 3 миллион жергиликли туристти тартыў, 72 жаңа жайластырыў қуралын иске қосыў ҳәм 500 жаңа жумыс орнын жаратыў режелестирилген.
Буның ушын район ҳәм қалалар орайындағы 65 мәҳәллени байланыстырыўшы көшелер, жағалық ҳәм жол бойы аймақларында саўда, кеўилашар ҳәм дем алыў орайлары қурылады, сондай-ақ, туристлик потенциалы жоқары болған 18 мәҳәлледе мийман үйлери шөлкемлестириледи. Халықаралық жоллар бойындағы 15 мәҳәлледе саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлериниң жумысы жолға қойылады.
Нурата районында “Нағыслар ҳәм нурлар” миллий кестешилик орайын шөлкемлестириў, Хатирчи районында Лангар ҳәм Ангидон мәҳәллелерин туризмге қәнигелестирилген ҳалда раўажландырыў, Нурата ҳәм Конимех районларындағы 4 аўылды туризм аўылына айландырыў режелестирилген.
“Аўыр” район сыпатында белгиленген Нәўбәҳәр районындағы “Сармишсай” аймағы әтирапында дем алыў ҳәм кеўилашар орын шөлкемлестириў бойынша мастер реже ислеп шығып, туристлер ағымын 3 есеге арттырыў ҳәм 200 ден аслам жумыс орнын жаратыў имканияты бар екенлиги атап өтилди.
Наўайы қаласындағы Әлийшер Наўайы бағы, Жаслық көли ҳәм олардың әтирапындағы аймақлар бүгинги күнниң талапларына толық жуўап бермейтуғыны атап өтилип, оларды бир пүтин ҳалда раўажландырыў арқалы халық ушын қолайлы ҳәм заманагөй дем алыў шараятларын жаратыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Кармана қаласында туризмди раўажландырыў ушын үлкен потенциал бар. Самарқандтан Бухараға жол тартып атырған туристлерди әййемги Уллы жипек жолы бойында жайласқан бул қалада және бир күн услап қалыў имканияты бар. Усы мүнәсибет пенен Қасым шайх ханақасы ҳәм Мирсаид Баҳром зыярат етиў орны, Ески қала базары ҳәм “Жаңа әўлад” бағы негизинде “Әййемги Кармана” мәденият ҳәм туризм орайын шөлкемлестириў усынысы қоллап-қуўатланды.
Саудия Арабстаны, Қатар ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери тәжирийбесин үйренип, Наўайы аймағының үлкен бөлегин ийелеген шөл ҳәм жайлаўларда туризмди раўажландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Социаллық ҳәм инженерлик инфраструктураны жақсылаў жумысларын даўам еттириў тапсырылды. Атап айтқанда, Наўайы, Зарафшан, Үшқудық ҳәм Зафарабад қалаларында оңлаўға мүтәж болып қалған 312 километр ишимлик суўы ҳәм 124 километр ақаба суў қубырларын 2026-2028-жылларда басқышпа-басқыш жаңасына алмастырыў режелестирилген. Сондай-ақ, ўәлаяттағы барлық мектеп, бақша ҳәм медицина мәкемелеринде заманагөй санитариялық шараятларды жаратыў ўазыйпасы қойылды.
Мәжилис жуўмағында мәмлекетимиз басшысы билдирилген реже ҳәм усынысларды мақуллап, олардың орынланыўы халықтың турмысына анық өзгерислер алып келиўи керек екенлигин атап өтти ҳәм жуўапкерлерге тийисли көрсетпелер берди.
ӨзА