“Әлийшер Наўайы” операсы тамашагөйлерге усынылды

Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Мәмлекетлик академиялық үлкен театрында белгили композитор, Өзбекстан Республикасы көркем өнер ғайраткери Мустафа Бафоевтың музыкалы шығармасына Ш.Сирожиддинов, О.Узоқов либреттосы тийкарында сахналастырылған “Әлийшер Наўайы” операсының премьерасы болып өтти.
Ҳәммемизге белгили, уллы ойшыл бабамыз жасаған қурамалы ҳәм сынақларға толы дәўир тек ғана тарийхшыларда емес, ал дөретиўшилерде де үлкен қызығыўшылық оятады.
Устаз композитор Мустафо Бафоев та Наўайы жасаған орталыққа опера көркем өнери арқалы мүрәжат етип, оны бийтәкирар сахна шығармасы сыпатында тамашагөйлерге инам еткени дыққатқа ылайық.

– Әлийшер Наўайы дөретиўшилигине студентлик жылларымнан берли қызығаман, – деди устаз композитор Мустафо Бафоев. – Бул бийбаҳа мийрасты илажы барынша толық үйрениўге ҳәрекет еттим. Шайырдың “Ғурбатда ғариб шодмон бўлмас эмиш” деген қатарлары менен басланатуғын рубайыға музыкалық шығарма дөреттим.
Бул шығарма өз дәўиринде фестивальда табыслы атқарылды. Кейин ала шайырдың ғәззеллери тийкарында “Ҳолати Алишер Навоий” атлы симфония жаздым. Соң “Лисон ут-тайр”ға музыкалық шығарма дөреттим. “Әлийшер Наўайы” операсын жаздым. Бир сөз бенен айтқанда, ойшыл бабамыздың дөретиўшилиги менен көплеген музыкалық шығармаларым байланыслы.
“Әлийшер Наўайы” операсы шайырдың халықшыллық, адамгершилик, жақсылыққа суўғарылған искерлиги, сол дәўирдеги айырым тарийхый шахслардың даңқпаразлыққа берилиўи, тажы-тахт ушын аяўсыз гүреслери ҳаққында тәсиршең түрде гүрриң етеди.

Спектакльдиң музыкалық басшысы ҳәм дирижёры – Өзбекстан көркем өнер ғайраткери Фазлиддин Ёқубжонов. Сахналастырыўшы режиссёр – Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери Ҳайдарали Қосимов. Сахналастырыўшы художник – Өзбекстан көркем өнер ғайраткери Шуҳрат Абдумаликов тәрепинен таярланған саўлатлы безеўлер менен декорациялар спектакльдиң тәсиршеңлигин арттырыўға хызмет еткен. Бас хормейстер – Өзбекстан халық артисти Сулаймон Шодмонов. Балетмейстерлер – Өзбекстанда хызмет көрсеткен артист, Қарақалпақстан халық артисти Замир Нурымбетов ҳәм Чарос Жўрабаева тәрепинен жаратылған тәкирарланбас аяқ ойыны композициялары спектакльге өзгеше тартымлылық бағышлаған.
Спектакльде Әлийшер Наўайы тулғасын белгили опера қосықшысы Рустам Алимардонов атқарған. Улыўма алғанда, миллий музыкалы шығармалар, аяқ ойынлар тийкарында жаратылған бул спектакль тамашагөйлерде айрықша қызығыўшылық оятты.
Назокат УСМАНОВА,
ӨзАның хабаршысы