Мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлерине де бир жыллық мектепке таярлаў топарларын шөлкемлестириўге руқсат бериле ме?

Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 5-февральдағы “Мектепке шекемги билимлендириў ҳәм тәрбия системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы пәрманына тийкарланып, бир жыллық мектепке таярлаў топарларының билимлендириў бағдарламасы мәжбүрий улыўма орта билимлендириўдиң дәслепки басқышы сыпатында киргизилиўи ҳәм мектепке шекемги билимлендириў системасында ойынға тийкарланған билимлендириў бағдарының енгизилетуғыны белгилеп қойылды.
Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги баспасөз хызметиниң басшысы Дилфуза Собированың қатнасыўындағы брифингте усынылған мағлыўматларға бола, мектепке шекемги билимлендириў ҳәм тәрбия системасын жаңа сапа басқышына алып шығыўға қаратылған “Жаңа әўлад” мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери тармағы ҳәм оның қурамында Балаларды раўажландырыў инновациялық орайлары шөлкемлестириледи.
Бир жыллық мектепке таярлаў топарлары мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери, улыўма билим бериў мектеплери ҳәм басқа да социаллық тараў объектлеринде толық ямаса қысқа мүддетли топарларда әмелге асырылады.
Соның менен бирге, мектепке шекемги ҳәм улыўма орта билимлендириў хызметлерин көрсетиўши мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлерине бир жыллық мектепке таярлаў топарларын шөлкемлестириўге руқсат бериледи.
2027-2028-оқыў жылынан баслап мектепке таярлаў топарларында билимлендириў процесслери жоқары мағлыўматлы педагоглар, сондай-ақ, жоқары билимлендириў шөлкемлериниң питкериўши басқыш студентлери тәрепинен алып барылады.
Мектепке таярлаў топарларында тәлим-тәрбия алған балаларға бир жыллық мектепке таярлықтан өткенлиги ҳаққында мәмлекетлик үлгидеги электрон сертификат бериледи ҳәм бул мағлыўматлар улыўма орта билимлендириў ҳаққындағы аттестатында жазылады.
2026-2028-жылларда “Жаңа әўлад” мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар орайлары ҳәм Ташкент қаласында биреўден шөлкемлестириледи ҳәм мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми сыпатында жумыс алып барады.
Бул билимлендириў шөлкемлериниң ҳәкимшилик-басқарыў ҳәм педагогикалық хызметкерлери лаўазымларына жоқары мағлыўматлы, жоқары потенциалға ийе талабанлар таңлаў тийкарында қабыл етиледи ҳәм тариф ставкасына салыстырғанда 20 процент муғдарында мәмлекетлик бюджеттен ҳәр айлық қосымша үстеме бериледи.
2026-2027-оқыў жылынан баслап педагогикалық жоқары билимлендириў шөлкемлеринде мектепке шекемги ҳәм баслаўыш билимлендириў бағдары бойынша бакалаврларды таярлаў системасы халықаралық алдынғы тәжирийбе тийкарында әмелге асырылады.
Тийисли жоқары билимлендириў шөлкемлеринде орта арнаўлы мағлыўматлы педагог кадрлар ушын дуал билимлендириў формасында мектепке шекемги билимлендириў бағдарында төлемли-шәртнама тийкарында бакалаврлар таярлаў жолға қойылады.
2026-жыл 1-апрельден баслап Ташкент қаласынан тысқары мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыўы 80 проценттен төмен болған район (қала)лардағы исбилерменлик субъектлери ушын бир қатар жеңилликлер енгизилмекте.
Атап айтқанда, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм улыўма орта билимлендириў шөлкемлериниң бос жер майданларында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин шөлкемлестириўге руқсат бериледи. Онда ижара төлемлери 30 жыл мүддет даўамында өндирилмейди, ҳәр бир бала ушын 9 саатлық жумыс режиминдеги мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң бир тәрбияланыўшысына жумсалатуғын қәрежеттиң 50 проценти муғдарында электрон қатнас тийкарында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик келисиминиң әмел етиў мүддети даўамында субсидия бериледи.
Бул жеңиллик қамтып алыў дәрежеси 80 проценттен төмен болған район (қала)ларда 2024-жылдан баслап шөлкемлестирилип атырған мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине де қолланылады.
Мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыўы 80 проценттен төмен болған район (қала)лардың дизими Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен белгиленген тәртипте тастыйықланады ҳәм бул дизим ҳәр қаржы жылы ушын жаңаланып барылады.
Муҳайё Тошқораева, ӨзА