Бирден-бир QR-кодтан пайдаланыў қағыйдалары тастыйықланады

43

Орайлық банк тәрепинен “Төлемлерди әмелге асырыўда бирден-бир QR-кодтан пайдаланыў қағыйдалары”ныӊ жойбары жәрияланды.

Жойбарға бола, бир QR-код арқалы ҳәр қыйлы банк ҳәм төлем қосымшаларында төлем етиў имканияты жаратылады. Төлемлерде статикалық ҳәм динамикалық QR-кодлар қолланылып, динамикалық QR-код ҳәр бир операция ушын өз алдына жаратылады.

QR-код арқалы әмелге асырылған барлық төлемлер орайласқан ҳалда есапқа алынады ҳәм реал ўақыт режиминде мониторинг етиледи. Исбилерменлер менен ислесиўши банклер QR-кодтың алмастырылыўы ямаса қәлбекилестирилиўи жағдайларының алдын алыў илажларын көреди.

Төлем төлейтуғын шахс QR-кодты сканерлеп, төлем реквизитлери менен танысқан ҳалда төлемди өз бетинше тастыйықлайды. Қарыйдарлар транзакция жағдайы, онлайн хабарнама ҳәм мүрәжат жибериў имканиятына ийе болады.

Бир QR-код арқалы ҳәр қандай төлем хызметлери (банк, мобиль төлем қосымшалары) бойынша төлем әмелге асырылады. Усының менен пайдаланыўшылар дүкән ямаса хызмет орнына бир неше QR-кодларды жайластырыўды талап етпейди.

Төлемлерде статикалық ҳәм динамикалық QR-кодлар қолланылады – динамикалық QR-кодлар ҳәр бир операция ушын өз алдына жаратылады. QR-код арқалы әмелге асырылған барлық төлемлер орайласқан ҳалда есапқа алынады ҳәм реал ўақыт режиминде мониторинг етиледи.

Исбилерменлер менен ислесиўши банклер QR-кодтың алмастырылыўы ямаса қәлбекилестирилиўи сыяқлы жағдайларға қарсы нәтийжели техника ҳәм қәўипсизлик илажларын көреди.

Төлем төлемекши болған шахс QR-кодты сканерлеп, төлем реквизитлери менен танысып, төлемди еркин түрде тастыйықлайды, сондай-ақ, транзакция жағдайы, онлайн хабарнама ҳәм мүрәжат жибериў имканиятына ийе болады.

Бирден-бир QR-код системасы менен төлемлер тек ғана әпиўайыласып қоймастан, ал бизнес ушын да түсиникли ҳәм қолайлы шараят жаратылады. Соның менен бирге, 2026-жылдан барлық саўда ҳәм хызмет көрсетиў шөлкемлери ушын бирден-бир QR-код арқалы төлемлерди қабыл етиў мәжбүрий система болып кириўи де режелестирилмекте.

Ш.Маматуропова, ӨзА