Президент қарарының орынланыўы додаланды

21

Шымбай районы ҳәкимлигинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Республика аймақларын жедел комплексли раўажландырыў ушын таңлап алынған район (қала) ларда әмелий илажларды әмелге асырыў ҳаққында»ғы ПҚ-132-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде мәжилис болып өтти.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов шығып сөйлеп, Шымбай районын 2025–2026-жылларда жедел комплексли раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслардың жағдайын ҳәр тәреплеме додалды. Атап айтқанда, Президентимиздиң қарары тийкарында усы районда алып барылып атырған кең көлемли қурылыс жумысларына да айрықша тоқтап өтти.

Мәжилис даўамында жуўапкерлердың есабатлары тыңланып, қарардың орынланыўы бойынша әмелге асырылған жумыслардың жағдайы ҳәр тәреплеме талланып, тийисли шөлкем басшыларына көрсетпелер берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги