Президент қарары менен рәсмий емес бәнтликти қысқартыў илажлары көриледи:

Ҳәким жәрдемшисиниң хатлаўы тийкарында анықланған рәсмий емес бәнтлик жағдайлары бойынша оларды сапластырыў бойынша “Бирден-бир миллий мийнет системасы” УБАКта жумыс бериўшилердиң жеке кабинетлерине Мәмлекетлик мийнет инспекциясы тәрепинен ескертиў хаты жибериледи.
Жумыс бериўшилер тәрепинен анықланған нызам бузыўшылық жағдайы 3 жумыс күни ишинде ықтыярлы түрде сапластырылмаған жағдайда, бул жағдай тийисли кәрхана ҳәм шөлкемлерде Мәмлекетлик мийнет инспекциясы тәрепинен тексериў өткериў ушын тийкар болып есапланады.
Рәсмий емес бәнтлик жағдайы анықланған күннен баслап 1 ай мүддет ишинде жумыс бериўшилер хызметкерлер менен мийнет шәртнамасын рәсмийлестирип, есапланған айлық мийнет ҳақыларын толық төлеп берген жағдайда, олар ҳәкимшилик жуўапкершиликтен босатылады.
2026-жыл 1-марттан исбилерменлердиң турақлылық рейтингин анықлаўда төмендеги нызамбузыўшылық жағдайлары балларды төменлетиўши қосымша норма сыпатында белгиленеди:
тастыйықланған рәсмий емес бәнтлик жағдайлары;
хызметкерлерге мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарынан төмен айлық мийнет ҳақының есапланыўы.