Урбанизация ҳәм турақ жай базарын турақлы раўажландырыў миллий комитети баслығына орынбасарлар тайынланды

69

Тайынлаў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Өзбекстан Республикасы Урбанизация ҳәм турақ жай базарын турақлы раўажландырыў миллий комитети баслығының орынбасарларын лаўазымға тайынлаў ҳаққында”ғы қарары қабыл етилди.

Қарарға бола, Орифжон Олимович Файзиев Өзбекстан Республикасы Урбанизация ҳәм турақ жай базарын турақлы раўажландырыў миллий комитети баслығының биринши орынбасары лаўазымына;

Нозимбек Мансурбекович  Рустамбеков Өзбекстан Республикасы Урбанизация ҳәм турақ жай базарын турақлы раўажландырыў миллий комитети баслығының орынбасары лаўазымына тайынланды.

ӨзА