Аўыл хожалығында жаңа жерлерди өзлестириў ҳәм илимди раўажландырыўға қаратылған усыныслар таныстырылды

22

Президент Шавкат Мирзиёев 9-февраль күни аўыл хожалығында жаңа жерлерди өзлестириў ҳәм тараўда илимди жаңа басқышқа алып шығыў бойынша усыныслардың презентациясы менен танысты.

Ирригация ҳәм мелиорация илажлары нәтийжесинде соңғы бес жылда 826,5 мың гектар жер аўыл хожалығы пайдаланыўына киргизилди. Соның 409 мың гектары суўғарылатуғын жерлер есабынан, 418 мың гектары болса суўғарылмайтуғын ҳәм жайлаў жерлерде жер асты суўларынан пайдаланыў және аз суў талап ететуғын егинлерди жайластырыў арқалы өзлестирилди.

2030-жылға шекем және 938 мың гектар жайлаўларды өзлестириў ҳәм жағдайын жақсылаў режелери таныстырылды.

Атап айтқанда, 2026-2027-жылларда 620 мың гектар жайлаў тикленип, соннан 300 мың гектарында жайлаў өсимликлери егиледи, 130 мың гектарында қудықлар орнатылады. Нәтийжеде 960 мың бас майда қарамал бағыў, гөш ҳәм жүн ислеп шығарыў көлемин арттырыў имканияты жаратылады.

Жаңа жерлерди өзлестириўде ҳәр бир аймақ бойынша анық инвестор ҳәм жойбар тийкарында жумысты шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

Аўыл хожалығында илимди жаңа басқышқа алып шығыў ушын әмелдеги институционаллық инфраструктураны өзгертиў ўақты келгени атап өтилди. Усы мақсетте тараўдағы 22 илимий орай, 260 лаборатория және 2,5 мыңнан аслам илимпаз ҳәм илимий хызметкерлерди бирден-бир структура – Аўыл хожалығы илимлери академиясына бирлестирилиўи белгиленген.

Презентацияда биотехнология ҳәм молекуляр биология, ген инженериясы ҳәм гибрид туқымгершилиги, “ақыллы” аўыл хожалығы, космослық ҳәм дрон технологиялары, жерлердиң деградациясы ҳәм саламат топырақ, органикалық аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги, ветеринария, санлы аўыл хожалығын академия жумысының тийкарғы бағдарлары сыпатында белгилеў усыныс етилди.

Академияның жумысын нәтийжели жолға қойыў бойынша илажлар белгилеп алынды.

Аўыл хожалығы ушын кадрлар таярлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Ҳәзирги ўақытта Ташкент мәмлекетлик аграр университетинде 13,6 мың студент билим алып атырғаны, бирақ оқыў процесиниң әмелият пенен жетерли дәрежеде байланыспағаны себепли питкериўшилердиң тек ғана 55 проценти өз тараўында ислеп атырғаны көрсетип өтилди.

Усы мүнәсибет пенен билимлендириў, илимий изертлеў ҳәм өндиристи үзликсиз байланыстыратуғын система жаратыў, мийнет базарының талабына сай жетик қәнигелер таярлаў ўазыйпалары белгиленди.

Соның ишинде, келешекте университет студентлериниң 6,8 мыңы өндирис шөлкемлери, кәрханалар ҳәм агрокластерлерде, 2,6 мыңнан асламы Аўыл хожалығы министрлиги системасындағы 22 илимий-изертлеў институтында әмелият өтейди.

Сондай-ақ, фермер ҳәм оның хызметкерлери перзентлериниң тест сынақларында баллары қабыллаў параметрлерине жетпесе, муғдары азайтылған төлемли-контракт тийкарында университетке қабыл етиў, жети билимлендириў бағдары бойынша оқыў даўамлылығын 4 жылдан 3 жылға қысқартыў усыныс етилди. Студентлерди тракторшы-машинист гүўалығы ҳәм агродронлардан пайдаланыўға оқытыў жолға қойылады.

Презентацияда Агросанаатты раўажландырыў агентлигиниң жумысы көрип шығылды.

Өткен жылы 44 мың гектар өнимсиз жерлерде интенсив ҳәм санаатластырылған бағ ҳәм жүзим атызлары шөлкемлестирилип, 37 мың жумыс орны жаратылды.

Бул жерлерде шөлкемлестирилген бағ ҳәм жүзимгершиликлер 2027-жылдан өним бере баслап, жылына 660 миллион доллар мийўе-овощ экспорт етиў имканияты пайда болады. Мәселен, Сўхта 500 гектарда алма, малина ҳәм ерик, Термиз районында 164 гектарда ерик ҳәм шабдал, Оҳангарон районында 309 гектар, Булунғурда 550 гектар және Қувада 60 гектар жерде жүзимниң “Аватар” сорты, Поп районында болса 504 гектарда шабдал ҳәм қәрели плантациялары шөлкемлестирилди.

Бул жумысларды даўам еттирип, 2026-жылы 25,5 мың гектар мийўели бағлар ҳәм 5 мың гектар жүзим атызларын шөлкемлестирип, 48 мың турақлы ҳәм мәўсимлик жумыс орынларын жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Ҳәр жылы елимизге 60 миллион долларлық нәллер импорт етилмекте. Бул нәллерди Европа стандартлары тийкарында өзимизде таярлаў ушын барлық имканиятлар бар екенлиги көрсетип өтилди.

Бул бағдарда агентлик тәрепинен 200 ден аслам мийўе түрлериниң вирустан жырақ, жоқары өнимдарлы аналық сортларының коллекциясы жаратылған. Бул мийўе түрлерин көбейтиў ҳәм барлық аймақларға жеткерип бериў мақсетинде Бектемир районында 50 гектар, Жоқары Шыршық районында болса 75 гектарлық “ин-витро” лабораториялары ҳәм аналық нәлханаларынан ибарат комплекслер шөлкемлестирилмекте. Бул комплекслерди жылдың ақырына шекем иске қосып, жыллық 27 миллион нәл таярлаў ўазыйпасы қойылды.

Президентимиз презентацияда додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.

ӨзА