Инфляция 7,2 процентке шекем төменледи

2026-жыл январь айында Өзбекстанда инфляция дәрежеси 0,7 процентти қурады. Жыллық инфляция болса 7,2 процентке шекем төменледи. Бул көрсеткиш 2016-жылдан берли дизимге алынған ең төмен дәреже сыпатында баҳаланбақта.
Қәнигелердиң пикиринше, инфляцияның төменлеўи макроэкономикалық турақлылықты тәмийинлеў, пул-кредит сиясатын қатаң жүргизиў ҳәм базардағы усыныс көлемин арттырыў менен байланыслы.
Соның менен бирге, январь айында айырым тийкарғы азық-аўқат өнимлериниң баҳасында өсиў бақланды. Атап айтқанда, қой гөши 1,6 процентке, сүйексиз мал гөши 1,1 процентке, қус гөши 1,5 процентке, шийки сүт 1 процентке қымбатлаған.
Бул жағдай мәўсимлик факторлар, өндирис қәрежетлери ҳәм базардағы талап пенен түсиндирилип атыр. Январь айында ең үлкен баҳа өсиўи қамсызландырыў ҳәм финанслық хызметлер тараўында 40,8 процентке атап өтилди. Оған тийкарғы себеп 1-январьдан баслап қамсызландырыў хызметлери тарифлериниң кескин арттырылғаны болды.
Орайлық банктиң тийкарғы мақсети инфляция дәрежесин 5 процентке шекем түсириў болып есапланады. Бул көрсеткишке 2027-жылдың ақыры 2028-жылдың басларында ерисиў режелестирилген.
Прогнозларға бола, 2026-жылдың ақырында инфляция 6,5 процент әтирапында болыўы күтилмекте.
Ш.Маматуропова,
ӨзА