Өзбекстан Президенти “Go Group” компаниясының басшысы менен ушырасты

43

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Исламабадта болып өткен Өзбекстан – Пакистан бизнес форумы шеңберинде “Go Group”  компаниясының бас атқарыўшы директоры Дур Муҳаммад Аюб пенен ушырасты.

Кәрхана Пакистанның аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў, қайта ислеў ҳәм экспорт тараўларында жетекши болып есапланады.

Компанияның мәмлекетимиз аймақларында шарўашылық өнимлерин толық қайта ислеў шынжырына ийе агрокластер қурыў бойынша режелери қоллап-қуўатланды.

ӨзА