“Gohar Textile” компаниясы менен бирге ислесиў перспективалары додаланды
17

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Исламабад қаласына мәмлекетлик сапары шеңберинде “Gohar Textile” компаниясының тийкарын салыўшысы Гоуҳар Мустафо менен ушырасты.
Компания пахта талшығын қайта ислеўге қәнигелескен болып, турмыслық тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыў бойынша үлкен тәжирийбеге ийе.
Ушырасыў даўамында мәмлекетимизде тоқымашылық өнимлерин биргеликте ислеп шығарыўды жолға қойыў ҳәм Өзбекстан кәрханаларын халықаралық жеткерип бериў шынжырларына интеграциялаўдың перспективалары додаланды.
ӨзА