Өзбекстан Президенти “HRL Group” компаниясының баслығы менен ушырасты

6

Исламабад қаласында болып өтип атырған Өзбекстан – Пакистан бизнес форумы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев “HRL Group” компаниясының баслығы Зоҳид Рафиқ пенен ушырасты.

Компаниялар топары қурылыс, таў-кән санааты ҳәм энергетика тараўларында жумыс алып барыўшы ең ири кәрханалар қатарына киреди.

Өзбекстан тәжирийбесин қолланған ҳалда Пакистандағы мыс, алтын ҳәм оғада әҳмийетли минераллар кәнлеринде биргеликте геологиялық-излеў жумысларын алып барыў перспективалары додаланды.

Мәмлекетимиз жетекшиси компания басшысының Пакистан пайтахтында Имам Бухарий комплекси ҳәм Самарқандта мийманхана қурыў басламаларын қоллап-қуўатлады.

ӨзА