Өзбекстан ҳәм БМШ: әмелий бирге ислесиў байланыслары және де кеңейтиледи

Олий Мажлис Сенатына Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң (БМШ) Өзбекстандағы турақлы координаторы Сабина Махл келди.
Сенат Баслығы Танзила Норбоева менен сәўбетлесиў ўақтында мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған демократиялық, ҳуқықый ҳәм социаллық мәмлекет қурыў жолындағы кең көлемли реформалар, Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў бағдарындағы жумыслар және халықты социаллық қорғаў системасын беккемлеў мәселелери додаланды.

Сенат ҳәм БМШ структуралары арасында әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиў, атап айтқанда, гендер теңликти тәмийинлеў, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың сиясий, социаллық ҳәм экономикалық белсендилигин арттырыўға қаратылған биргеликтеги бағдарлама ҳәм басламаларды алға қойыў бойынша пикир алысылды.
Сөйлесиў ўақтында Азия ҳаял-қызлар форумы, Орайлық Азия мәмлекетлери жетекши ҳаял-қызларының сөйлесиўи режелери, сондай-ақ, БМШтың Ҳаял-қызлар статусы бойынша комиссиясы сессиялары шеңберинде қоспа илажлар өткериў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Турақлы раўажланыў мақсетлерин әмелге асырыў бойынша миллий ҳәм аймақлық дәрежедеги механизмлерди жетилистириў, жергиликли кеңеслердиң жумысын институционаллық раўажландырыў, депутатларды оқытыў ҳәм методикалық қоллап-қуўатлаў бағдарларындағы бирге ислесиў перспективалары көрип шығылды.
Ушырасыў жуўмақлары бойынша өз-ара бирге ислесиўди және де тереңлестириў бойынша бир қатар келисимлерге ерисилди.
Н.Абдураимова, ӨзА