Өзбекстанда ислам банкиниң жумысы енгизилиўи нызам менен беккемленбекте

Сенат жалпы мәжилисинде “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине Өзбекстанда ислам банкиниң жумысын енгизиўге қаратылған қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам додаланды.
Нызам бойынша баянат жасап атырған Сенат комитетиниң баслығы Еркин Гадоев мәмлекетимизде заманагөй банк хызметлерин енгизиўге ҳәм халықаралық тәжирийбени есапқа алған ҳалда банк системасын раўажландырыўға қаратылған кең көлемли жумыслар алып барылып атырғанын атап өтти.
Бүгинги күнде финанслық хызметлер қамтып алыўын кеңейтиў ҳәм халықаралық ислам финансы стандартларына муўапық жаңа түрдеги альтернатив банк хызметлерин енгизиў зәрүрлиги жүзеге келмекте. Соннан келип шығып, бул нызам менен 2 кодекс ҳәм 7 нызамға ислам банкиниң жумысын әмелге асырыўдың ҳуқықый тийкарларын белгилейтуғын жаңа нормалар киргизилмекте.

Нызам менен ислам банк жумысын әмелге асырыў ҳуқықын беретуғын лицензия түри енгизилип, оған байланыслы талаплар белгиленбекте. Соның ишинде, бул лицензия менен банклер тәрепинен толық ислам банк жумысын әмелге асырыў ямаса бир ўақыттың өзинде ҳәм дәстүрий, ҳәм ислам банк жумысын әмелге асырыў имканияты пайда болады.
Ислам қаржы жумысы менен байланыслы мәселелерди муўапықластырыў мақсетинде Орайлық банк ҳәм ислам банки жумысын әмелге асырыўшы банклерде ислам қаржысы кеңесин шөлкемлестириў және оның жумысына байланыслы талаплар белгиленбекте.
Ислам қаржы операцияларының өзине тән өзгешеликлерин есапқа алып, Салық кодексине ислам қаржы операцияларын салыққа тартыў тәртибин белгилейтуғын өз алдына бап киргизилмекте. Оған тийкарланып ислам қаржы жумысынан алынған дәраматлар салық салыў мақсетинде процент дәраматларына теңлестирилип, банклер ҳәм микроқаржы шөлкемлери тәрепинен қарыйдарға реализацияланатуғын товарларға қойылатуғын үстеме ҚҚСдан азат етилмекте.
Сенаторлар мақуллаған нызам халық ҳәм исбилерменлик субъектлери ушын финанслық хызметлерден пайдаланыў имканиятларының кеңейиўине, мәмлекетимизде бәсеки орталығының жақсыланыўына және банк-финанс тараўына жаңа стратегиялық инвесторлардың кирип келиўине хызмет етеди.
Н.Абдураимова, ӨзА