Саида Мирзиёева Абу-Дабиде “Инсаный дослық” сыйлығы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресиминде қатнасты

11

Президент Администрациясының басшысы Саида Мирзиёева Абу-Дабиде Шайх Зоид атындағы “Инсаный дослық” сыйлығының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресиминде қатнасты.


“Абу-Дабиде Шайх Зоид атындағы “Инсаный дослық” сыйлығы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресиминде қатнасқаным мен ушын үлкен мақтаныш.

Сыйлық төрешилер қурамы ҳәм шөлкемлестириў комитетиндеги кәсиплеслериме нәтийжели бирге ислесиў ушын шын жүректен миннетдаршылығымды билдиремен. Бул шынында да бийбаҳа ҳәм илҳамландырыўшы тәжирийбе болды”, – дейди Саида Мирзиёева.

Сондай-ақ, Президент Администрациясының басшысы инсаный дослық сөзлерде емес, ал күнделикли әмеллерде – ҳәр бир инсанның қәдир-қымбатына ҳүрметте, итибарда ҳәм ғамқорлықта көринетуғынын да айрықша атап өткен.

Қарақалпақстан хабар агентлиги