Ферғана ўәлаятында реформалар нәтийжелилиги ҳәм келешектеги әҳмийетли ўазыйпалар додаланды

15

Президент Шавкат Мирзиёев Ферғана ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша әмелге асырылыўы керек болған әҳмийетли ўазыйпалар бойынша мәжилис өткерди.

Мәжилис алдында соңғы жылларда Ферғана ўәлаятында әмелге асырылған системалы реформалардың нәтийжелери талланды. Жер ҳәм қазылма байлықлардың шекленгенине қарамастан, аймақта экономиканы диверсификациялаў, санаат, аўыл хожалығы, хызметлер ҳәм мәлимлеме технологиялары тараўларында турақлы өсиў тәмийинленди.

Соның ишинде, халықтың жан басына жалпы аймақлық өнимниң көлеми 2017-жылы 7 миллион сумды қураған болса, 2025-жылға келип, 26,6 миллион сумға жетти ямаса 3,8 есеге өсти. Бул экономикалық белсендилик ҳәм халықтың дәраматлары сезилерли дәрежеде артқанын көрсетеди.

Бәнтлик ҳәм социаллық көрсеткишлер бойынша да унамлы пәт атап өтилди. Өткен жылы 519 мың халықтың бәнтлиги тәмийинленип, олардың дәраматлары арттырылды ҳәм 53 мың шаңарақ кәмбағаллық реестринен шығарылды. Енди 2026-жылдың ақырына шекем жумыссызлықты 3 процентке, кәмбағаллықты болса 2,7 процентке азайтыў нәзерде тутылмақта.

Инвестиция ҳәм сыртқы саўда тараўында да сезилерли өсиўге ерисилди. Ўәлаятта 26 ири, 357 орта ҳәм киши инвестициялық жойбарлар иске қосылып, дерлик 3 миллиард доллар сырт ел инвестициясы өзлестирилди. Экспорт көлеми избе-из артты, экспортшы кәрханалардың саны кеңейди.

Аўыл хожалығында өткен жылы 94,3 мың гектар майданда 816,7 мың тонна ғәлле жетистирилип, орташа зүрәәтлилик 86,6 центнерди қурады. Пахташылықта 72 мың гектарда 324 мың тонна өним алынды. Мийўе-овощ экспорты 403 миллион долларға жетти. Қыйтақ жер ҳәм ықшам ыссыханалар арқалы мыңлаған шаңарақлар турақлы қосымша дәрамат дерегине ийе болды.

Мәжилисте Ферғана ўәлаятын раўажландырыўдың тийкарғы ўазыйпалары белгилеп алынды.

Атап өтилгениндей, ўәлаятта инвестиция ҳәм экспорт көлемлерин избе-из арттырыў, жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелерине системалы және мәнзилли қатнас жасаў талап етиледи. Усы мақсетте Ферғана ўәлаяты ушын улыўма баҳасы 8,2 миллиард доллар болған жаңа ири жойбарлар пакети қәлиплестирилген.

Усы жылдың өзинде улыўма баҳасы 4,2 миллиард доллар болған жойбарларды иске қосыў режелестирилген. Бул жойбарлардың 2,7 миллиард доллары санаат, 210 миллион доллары аўыл хожалығы, 1,2 миллиард доллары сервис ҳәм туризм тараўларына туўра келеди.

Соның менен бирге, өткен жыллары санаат мақсетлери ушын ажыратылған 2 мың 115 гектар жер майданының 40 проценти елеге шекем аукционға шығарылмағаны атап өтилди. Қосымша жер ажыратыўдан алдын бос жерлердиң инфраструктурасын жақсылаў ҳәм оларды исбилерменлерге усыныс етиў арқалы инвестициялық жойбарларды жайластырыў нәтийжелилигин арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Бәнтлик ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша анық мақсетли көрсеткишлер белгиленди. Усы жылы жәми 595 мың, соннан 98 мың турақлы жумыс орнын жаратыў, 423 мың халықты дәраматлы етиў және 74 мың жумыс орнын “саядан” шығарыў режелестирилген.

Бувайда, Учкўприк, Қува, Ўзбекистон, Ёзёвон районлары және Марғылан, Ферғана, Қоқанд ҳәм Қувасай қалаларын жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан жырақ аймақларға айландырыў ўазыйпасы қойылды. Усы мақсетте 7 район ҳәм 132 “аўыр” мәҳәлледе инфраструктураны жақсылаў арқалы жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықты еки есеге қысқартыў ушын 800 миллиард сумнан аслам қаржы ажыратылады. Сондай-ақ, банклер тәрепинен “Мәҳәлле жойбары” бағдарламасы шеңберинде 1,4 триллион сумлық кредит ресурслары қаратылады.

Аўыл хожалығында мийўе-овощ өнимлерин шийки ҳалда емес, жоқары қосымша қунға ийе таяр өним сыпатында сатыў арқалы экспорт көлемин 510 миллион долларға жеткериў ўазыйпасы белгиленди. Соның ушын, Ферғана ҳәм Қувасай қалаларында қытайлы инвесторлардың қатнасыўында улыўма баҳасы 175 миллион доллар болған агрологистика орайлары қурылады.

Өзбекстан, Бешарық ҳәм Алтыарық районларында шарўашылық, сүтти қайта ислеў ҳәм нәсилли шөже жетистириў бағдарларында улыўма баҳасы 21 миллион доллар болған 4 жойбарды иске қосыў режелестирилген.

Социаллық инфраструктураны халықтың өсиўине сәйкес ҳалда раўажландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Быйыл 33 мектептиң қурылысы ҳәм реконструкциясы ушын 343 миллиард сум ажыратылмақта. Аймақ басшыларына қосымша имканиятларды иске қосыў ҳәм жеке меншик секторды тартыў арқалы инфраструктураны жақсылаў ўазыйпасы қойылды.

Туризм потенциалын кеңейтиў мақсетинде Сўх районында Угам ҳәм Мираки тәжирийбеси тийкарында туризм комплекслери шөлкемлестириледи, Ферғана районында ири туристлик-рекреациялық зона қурылады. Қоқанд қаласында жаңа туризм орынлары қурылып, мәдений мийрас объектлери бойлап саяхат маршрутлары жолға қойылады.

Сондай-ақ, Қоқанд қаласындағы 17 мәмлекетлик уйымды “Жаңа Өзбекстан” массивине көшириў арқалы халыққа барлық мәмлекетлик хызметлерди бир жерде көрсететуғын қолайлы ҳәм нәтийжели системаны қәлиплестириў ўазыйпасы белгиленди.

Мәлимлеме технологиялары тараўында Ферғана ўәлаяты экономикасының әҳмиетли драйвери сыпатында IТ бағдарын жедел раўажландырыў режелестирилген.

Ҳәзирги күнде ўәлаятта 139 IТ-парк резиденти жумыс алып бармақта. Усы жылы мәлимлеме технологиялары хызметлериниң көлемин 3,5 триллион сумға, экспортты болса 30 миллион долларға жеткериў мақсет етилген. Ферғана қаласында жаңа IТ-парк ҳәм комплекси, Марғылан қаласында халықаралық IТ жоқары оқыў орны, сондай-ақ, Ферғана қаласында “Муҳаммед ал-Хорезмий мийрасхорлары” жойбарын иске қосыў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы мәжилис жуўмағында ҳәр бир жойбарды халықтың бәнтлиги ҳәм турмыс дәрежесин арттырыў менен үзликсиз байланыстырып әмелге асырыў, белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы ушын жуўапкерлердиң жеке жуўапкершилигин күшейтиў бойынша анық тапсырмалар берди.

ӨзА