Өзбекстан Президенти мәмлекетлик сапар менен Пакистанда болады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Пакистан Ислам Республикасы Бас министри Шаҳбоз Шарифтиң мирәт етиўине бола 5-6-февраль күнлери мәмлекетлик сапар менен усы мәмлекетте болады.
Бағдарламаға муўапық, Исламабадта Пакистан Президенти Асиф Али Зардорий, Бас министр Шаҳбоз Шариф, Қорғаныў күшлери Жоқары Бас Сәркардасы – Қураллы Күшлердиң қурғақлықтағы әскерлери сәркардасы, фельдмаршал Асим Мунир менен сөйлесиўлер және Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң биринши мәжилисин өткериў режелестирилген.
Өзбекстан менен Пакистан арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм көп қырлы бирге ислесиў қатнасықларын және де тереңлестириў мәселелери жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер күн тәртибиниң орайында болады.
Сиясий сөйлесиўди кеңейтиў, еки мәмлекет ҳүкиметлери, парламентлери, исбилермен топарлары ҳәм аймақлары арасындағы байланысларды беккемлеўдиң әҳмийетли тәреплери ҳәр тәреплеме көрип шығылады.
Тәреплер товар алмасыўды арттырыўға, санаат, транспорт ҳәм инфраструктура, туризм тараўларындағы бирге ислесиў жойбарларын алға қойыўға және мәдений-гуманитарлық байланысларды даўам еттириўге айрықша итибар қаратады.
Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша пикир алысылады.
Сөйлесиўлердиң жуўмағында Биргеликтеги декларация ҳәм тийкарғы тараўлар бойынша келисимлердиң салмақлы топламына қол қойылыўы күтилмекте.
Өзбекстан Президенти еки мәмлекет жетекши исбилермен топарлары ўәкиллериниң биргеликтеги бизнес форумында да қатнасады.
ӨзА