Дем жетиспеўшилиги қандай кеселликтиң белгиси?

Дем жетиспеўшилиги бәрқулла ескертиўши белги есапланады. Егер ҳәр түрли шынығыўлардан кейин дем қысылыўы бақланса, онда физикалық ҳәрекет организмде қыйыншылық туўдырған болады. Егерде ҳеш қандай ҳәрекетсиз дем қысылыўы жүз берсе, дәрҳал шыпакерге көриниў усыныс етиледи. Дем жетиспеўшилиги пневмония (температура көтерилмейтуғын) жүрек кеселлиги, қәўипли өсимтелер, өкпе гипертензиясы ҳәм барлық жүректи тоқтатыўға алып келетуғын кеселлик белгилери болыўы мүмкин.
Өкпе артериаллық гипертензиясы деген не? Өкпе артериал гипертензиясы жүдә кең тарқалған кеселлик түрине кирмейди, миллионнан 10-15 адамға туўры келеди. Бирақ ол ҳәр қандай жаста басланыўы мүмкин. Көбинесе 30 жастан 50 жасқа шекем болған ҳаялларға тәсир етиўи бақланади. Олардың көпшилиги бул кеселликке биринши мәрте ҳәмиледарлықта ушырайды.
Өкпе гипертензиясында жүректен өкпеге алып барыўшы тамырларда қан басымы жүдә тез ҳәм кескин дәрежеде көтериледи. Сол себепли жүрек күшейген зорығыў менен ислейди ҳәм өз ўақтында шаралар көрилмесе, жүрек тоқтаўы да мүмкин. Бул қәўипли ме? Күтә қәўипли. Егер кеселлик өз ўақтында анықланбаса ҳәм емлеў жумыслары басланбаса, адамның жүреги қәлеген ўақытта тоқтап қалыўы да мүмкин. Бундай жағдай жүзеге келмегенде де, жүректиң тек оң тәрепи зорығыўы себепли жүрек булшық етиниң тамырлары ҳәм тоқымалары истен шығады ҳәм жүрек-қан тамыр системасы кеселликлери қәўпи артады. Және қандай белгилерге итибар бериў керек? Дем қысылыўы тийкарғы, бирақ өкпе гипертензиясында раўажланыўына бирге келетуғын бирден-бир белгиси емес. Мәселен, шаршаўдың күшейиўи, егер тосаттан болса, сондай-ақ, келип шығыўы белгисиз жөтел, тез ҳәм дәўирли пульс, тез-тез бас айланыў ҳәм есинен танып қалыў сыяқлы белгилер де кеселликтен ескертиўи мүмкин. Кеселликке гүман етилгенде не ислеў керек?
Бәринен бурын, улыўма әмелият шыпакери менен ушырасыў ҳәм қабыллаўда барлық белгилер ҳаққында толық мағлыўмат бериў керек. Шыпакер рентген нәтийжелерин алыўы зәрүр. Сондай-ақ, жүректиң ҳәрекетлениўши сүўретин алыў ҳәм оның оң тәрепин тексериў ушын эхокардиограммаға мүрәжат етиў мүмкин. Соңғы тексериў өкпе тамырларындағы қан басымын өлшеў ҳәм диагнозды тастыйықлаў имканиятын береди.
Кеселликтиң еми бар ма? Тилекке қарсы, өкпе артериаллық гипертензиясын пүткиллей емлеў мүмкин емес, ол пайда болса болды, кеселлик мәңги қалады. Бирақ заманагөй дәрилер қан тамырларының тығылып қалыўы ҳәм басымның артыўына алып келетуғын процесслерди азайтады. Ҳәтте пүткиллей тоқтатыўы да мүмкин.
Сонлықтан да ҳәр бир адам өз саламатлығын ойлаған ҳалда саламат турмыс тәризин кешириўге әмел етиўи ҳәм кеселлик белгилери ушыраса дәрҳал шыпакер көригине барып көриниўи лазым. Денсаўлық таптырмас байлық. Бул байлықтың қәдирине өз ўақтында жетип, итибарлы болыў сизиң өмир жасыңыздың узақ ҳәм саламат болыўыңызға тийкар жаратары анық.
Социаллық тармақлардан алып таярланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги