Абэни өлтирген адам өмирлик қамақ жазасынан наразы

“Kyodo News”тиң хабар бериўинше, Японияның бурынғы бас министри Синзо Абэни өлтирген Тэцуя Ямагами өзине жәрияланған ҳүкимге қарсы апелляция берди.
Абэ 2022-жыл 8-июль күни Нара префектурасындағы сайлаўалды илажында шығып сөйлеп атырғанда атып өлтирилген. Тэцуя қолдан исленген қурал менен Абэниң артынан еки оқ атқан. Жарақатланған сиясатшы бир неше сааттан кейин қан жоғалтыўынан қайтыс болған.
21-январь күни адам өлтириўшилик жүз берген район суды Ямагамиға өмирлик қамақ жазасын берди. Қорғаў топары бүгин Осака Жоқары судына апелляция шағымын киргизген. 20 жылға шекем қамақ жазасын сорап атырған адвокатлар судланыўшының балалығы Абэ менен байланысы болжанған диний шөлкем – “Бирлесиў ширкеўи” себепли қыйын кешкени адам өлтириўге тийкар ҳәм тиккелей емес себеп болғанын атап өтпекте.
Айыплаўшы тәреп бул дәлиллерди логикасыз деп бийкарлады ҳәм жынаят 41 жаста исленгени, бул болса судланыўшыға жағдайды қалыс баҳалаў имканиятын беретуғынын атап өтти. Суд өмирлик қамақ жазасын сораған прокуратураның барлық дәлиллерин қабыл етти ҳәм ҳүкимде арқадан еки оқ атыў “қорқақлық ҳәм жаўыз ҳәрекет екенине” итибар берди.
Ҳүким шығарыў ушын 31 орын ажыратылды, 685 арза жыйналды. Орынлықлар судтан бир неше саат алдын лотерея усылында бөлистирилди.
Жынаятшының өзи де себеп сыпатында “Бирлесиў ширкеўи” менен байланысты келтирди. Тэцуяның анасы ағза статусында шөлкемге көп муғдарда қайырқомлық еткен: үйин сатқан, шаңарағын ўайран еткен ҳәм балаларын кәмбағаллыққа дуўшар еткен. Ямагами дослық структура сыпатында усы шөлкемге сәлем жоллағаны ушын Синзоны “Ширкеў” пенен байланыслы деп есаплаған. Жәмәәт жуўапкерлери болса бурынғы Бас министр менен қандай да бир байланысты бийкарлады, себеби Абэ ағза сыпатында дизимге алынбаған, структураға қайыр-сақаўат та қылмаған.
Бәрибир, шаўқымлы өлтириўшилик сиясатшылардың тартыслы диний шөлкем менен итималлы байланыслары бойынша тергеў толқынын жүзеге шығарды. Абэ ағза болған ҳүкимдар Либерал демократиялық партиядан бир неше онлаған сиясатшы “Бирлесиў ширкеўи” менен анаў ямаса мынаў тәризде байланыслы екенлиги анықланды. Соның менен бирге, конфессиялараралық шаңарақлардың перзентлери кәмбағаллықта жасайтуғыны, шөлкемниң буйрығы менен мәжбүрий турмысқа шығыўы сыяқлы ҳәр қыйлы фактлер, көрсетпелер пайда болды.
Буннан кейин диний шөлкемлерди қадағалаўшы Билимлендириў ҳәм мәденият министрлиги “Бирлесиў ширкеўи”ниң жумысын тексериўди баслады. Нәтийжеде жәми қурбанлардың саны 1500 ден аcқан, деген жуўмаққа келди. 2025-жыл март айында бул шөлкемди сапластырыў ҳаққында пәрман шығарылды.
Судлар ҳәзир сектаға тәрепдарлардың перзентлеринен кеминде еки жәмәәтлик даўа арзасын көрип шықпақта. Және бир неше даўа арзалар тийисли уйымларға киргизиўге таярланбақта.
ӨзА