Мәмлекетимиз басшысының Олий Мажлис ҳәм халыққа жоллаған Мүрәжаты урду тилинде басып шығарылды

Президент Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжаты Пакистанда урду тилинде китап тәризинде басып шығарылды. Бул ҳаққында “Дунё” мәлимлеме агентлиги хабар берди.
Мәмлекетимиз Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Исламабадтағы елшиханамыздың басламасы менен әмелге асырылған бул жойбардан гөзленген мақсет усы туўысқан мәмлекеттеги урду тилинде сөйлесетуғын халыққа елимиздеги реформалар, мәмлекет ҳәм жәмийеттиң раўажланыў стратегиялары, Өзбекстан жетекшисиниң алдынғы сиясий басламалары ҳаққында толық ҳәм анық мағлыўмат жеткериў болып есапланады.
Пакистан экспертлериниң атап өтиўинше, Мүрәжаттың урду тилине аўдарылыўы мәмлекетлеримиз, халықларымыз арасындағы сиясий ҳәм мәдений бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў жолында әҳмийетли қәдем болып есапланады.
Басылым Пакистан жәмийетлик-сиясий, исбилерменлик ҳәм академиялық топарлары және кең жәмийетшилик ўәкиллери арасында тарқатылады.
ӨзА