Урбанизация ҳәм турақ жай қурылысындағы алдағы ўазыйпалар көрип шығылды

26

Президент Шавкат Мирзиёев 3-февраль күни урбанизация ҳәм турақ жай қурылысында жаңаша қатнасларды енгизиў бойынша презентация менен танысты.

Халықтың турақ жайға болған талабын қанаатландырыў мақсетинде соңғы 8 жылда мәмлекетимизде 120 миллион квадрат метр ямаса 600 мыңнан аслам квартиралар қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Турақ жай сатып алыўға жәрдемлесиў ушын 541 мың пуқараға 103 триллион сум арзан ипотека кредитлери ҳәм субсидиялар ажыратылды.

Қурылыс жумысларының көлеми кеңейгени қурылыс материаллары санаатының раўажланыўына үлкен түртки болып, көплеген аймақлардың “драйвери”не айланды. Урбанизация дәрежеси 1991-жылдағы 40,3 проценттен 51 процентке жетти.

Мәмлекетимиз басшысы исленген жумыслар еле жеткиликли емеслигин көрсетип өтти. Республика бойынша ҳәр жылы 200 мыңға шамалас жаңа шаңарақ қурылмақта. Бул жаңа турақ жайлар, жоллар ҳәм социаллық инфраструктураға талап және де артады дегени. Қалаберди, ҳәзирги ўақытта халықтың бир адамына орташа 18,9 квадрат метр турақ жай майданы туўра келмекте. Бул көрсеткишти кеминде 23 квадрат метрге жеткериў ушын 2040-жылға шекем жаңа турақ жай қурылысының пәтин 280 мыңға арттырыў керек.

Усы мақсетте урбанизация тараўында басқарыў жаңа система тийкарында жолға қойылып, өз алдына комитет дүзилип, оның алдына турақ жай қурыў көлемлерин басқышпа-басқыш арттырыў ўазыйпасы қойылды. Атап айтқанда, 2026-жылы 140 мың, 2027-жылы 150 мың ҳәм 2028-жылы 160 мың көп квартиралы турақ жайларды қурыў режелестирилген.

Президентимиз бизнес ҳәм стартаплардың раўажланыўы ушын шараят жаратыў, санаат ҳәм IT кластерлерин қәлиплестириў, мийнет өнимдарлығын арттырыўда ақылға уғрас шөлкемлестирилген урбанизация әҳмийетли орын ийелейтуғынын атап өтти.

Презентацияда жер ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды. Халықаралық шөлкемлердиң есап-санақларына бола, елатлы пунктлердиң тәртипсиз кеңейип барыўы айырым аймақларда келешекте егислик жерлердиң жетиспеўшилигине алып келиўи мүмкин.

Усы мүнәсибет пенен гөнерген турақ жай фондын жаңалаў, турақ жай қурылысында реновация үлесин арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Онда реновация үлесин ҳәзирги 15 проценттен 2040-жылға шекем 60 процентке жеткериў, “Жаңа Өзбекстан” массивлерин қурыўды кеңейтип, 120 ға жеткериў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Бүгинги күнде қурылыс тараўындағы руқсат алыў процесслери 9 басқыштан ибарат болып, орташа 90-120 күн ўақыт талап етпекте. Соның менен бирге, халықаралық әмелиятта “қурылысқа таяр жер” механизми арқалы бул жумысларға кететуғын ўақыт 7-15 күнди қурап атырғаны көрсетип өтилди.

Мәмлекетимизде бул системаны енгизиў усыныс етилди. Оған бола, барлық таярлық процесслери ҳәм руқсатнамаларды рәсмийлестириў жер майданлары аукционға қойылыўынан алдын орынланады. Нәтийжеде исбилермен аукционда жерди утып алғаннан соң қосымша ҳүжжет жыйнамастан ҳәм келисимлерден өтпестен, барлық ҳүжжетлерди автоматикалық түрде алыў имканиятына ийе болады. Қурылысқа таяр болмаған жерлерди аукционға шығарыў қадаған етиледи, процесслер болса ашық-айдын ҳәм қысқа мүддетлерде әмелге асырылыўы тәмийинленеди.

Қурылыс сапасы, биринши гезекте, жойбар ҳүжжетлерине байланыслы. “ТошкентбошпланЛИТИ”, “ЎзшаҳарсозликЛИТИ”, “ЎзГАШКЛИТИ”, “Қишлоққурилишлойиҳа” шөлкемлериниң жумысын түп-тийкарынан жақсылаў, бул ушын жоқары маманлықтағы сырт ел қәнигелерин тартыў ҳәм заманагөй басқарыў системасын енгизиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Урбанизация ҳәм турақ жай қурылысы процесслерин дурыс ҳәм нәтийжели режелестириў ушын санлы технологиялардан кеңнен пайдаланыў керек. Бул бағдарда презентацияда бас ҳәм мастер режелердиң бирден-бир мағлыўматлар базасы, қурылысқа таяр жер майданлары базасы – “Жер банки”,  көп квартиралы турақ жайлардың бирден-бир геомәлимлеме базасы, “эскроу” системасы, қурылысшылар рейтинги ҳәм басқалардан ибарат “Турақ жай” мәлимлеме системасын ислеп шығыў усыныс етилди.

Президентимиз усынысларды мақуллап, тараўда режели, есап-санаққа тийкарланған ҳәм узақ мүддетли қатнасларды избе-из енгизиў, белгиленген көрсеткишлердиң орынланыўын тәмийинлеў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.

ӨзА