Таў-кән ҳәм геология тараўында илимий жойбарлар ушын кең имканиятлар жаратылмақта

26

Таў-кән ҳәм геология санааты елимиз экономикасының әҳмийетли тармақларынан бири болып, бул бағдар мәмлекеттиң минерал ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм инвестициялық имканиятларды кеңейтиўде үлкен әҳмийетке ийе. Тараўдағы жаңа жойбарлар ҳәм халықаралық бирге ислесиў тараўдың раўажланыўы ҳәм экономикалық өсиўди тәмийинлейди.

Таў-кән санааты ҳәм геология министрлигинде “Watchmen Energy FE”  компаниясының атқарыўшы директоры доктор Жеймс Сяо ҳәм “Watchman Group” компаниясы делегациясы ўәкиллери арасында өткерилген ушырасыўда бул ҳаққында сөз болды.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде бул тараўды раўажландырыўда инвесторлар ушын жаратылып атырған шараятлар ҳәм перспективалы жойбарлардағы бирге ислесиў әҳмийетли есапланады. Соннан келип шығып, тәреплер Өзбекстандағы таў-кән санааты ҳәм геология тараўының раўажланыўындағы тийкарғы бағдарлар ҳәм нәтийжели бирге ислесиў механизмлерин додалады.

Министрлик мәлимлеме хызметиниң хабарына бола, Қытайдың “Watchman Group Pte. Ltd.”   компаниясының жумысы басқарыў мәсләҳәтлесиўи ҳәм энергетика тараўындағы жойбарларға қаратылған. Бул кәрхананың Өзбекстан менен бирге ислесиўи мәмлекеттеги таў-кән ҳәм геология тараўын раўажландырыўда халықаралық тәжирийбе ҳәм инвестициялық ресурсларды тартыў имканиятын береди.

Илаж жуўмағында министрлик ҳәм “Watchman Group” арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылды. Бул ҳүжжет еки тәреп арасындағы қатнасықларды беккемлейди ҳәм келешектеги инвестициялық ҳәм илимий жойбарлар ушын тийкар жаратады.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА