Көмир ҳәм уран тармақларында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм гезектеги жойбарлар көрип шығылды

17

Президент Шавкат Мирзиёев көмир ҳәм уран санаатында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм жақын келешекке мөлшерленген режелер бойынша презентация менен танысты.

Көмир ислеп шығарыў көлемлерин арттырыў, тараўда бәсеки орталығын күшейтиў ҳәм бар резервлерден нәтийжели пайдаланыў мәселелери додаланды.

Атап өтилгениндей, 2025-2026-жыллар гүзги-қысқы мәўсиминде 10 миллион тонна көмир қазып алыў режелестирилген болып, бул өткен мәўсимге салыстырғанда 1,3 миллион тоннаға көп. Ҳәзирги ўақытқа шекем 9 миллион тонна көмир қазып алынды, өсиў 590 мың тоннаны қурады. Кейинги мәўсимде өндирис көлемин 11 миллион тоннаға жеткериў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Оның ушын Ташкент ҳәм қубла аймақларда жайласқан кәнлерди өзлестириўди жеделлестириў, селектив қазып алыўды кеңейтиў, аутсорсинг тийкарында қосымша экскаватор ҳәм техникалар тартыў әҳмийетли екени атап өтилди. Жеке меншик исбилерменлердиң қатнасыўын кеңейтиў арқалы 2026-жылы қосымша 2,5 миллион тонна көмир қазып шығарыў режелестирилген.

Ангрендеги Нишбош көмир кәнин өзлестириў жойбарына айрықша итибар қаратылды. Қорларының көлеми 233 миллион тонна ҳәм баҳасы дерлик 500 миллион долларға баҳаланып атырған бул инвестициялық жойбар шеңберинде 2026-жылы қазып алыў жумысларын баслаў ҳәм 1 миллион тонна көмир қазып шығарыў, келешекте жыллық қуўатлылықты 10 миллион тоннаға жеткериў нәзерде тутылған. Жойбар шеңберинде 880 турақлы жумыс орны жаратылады.

Презентацияда көмирди терең қайта ислеў тийкарында жаңа түрдеги санаат өнимлерин ислеп шығарыўға қаратылған жойбар да көрип шығылды. “Өзхимиясанаат” акционерлик жәмийетиниң басламасы менен көмирди химиялық қайта ислеў арқалы полимер өнимлерди алыўды шөлкемлестириў режелестирилген. Жойбар баҳасы 5 миллиард доллар болып, оның нәтийжесинде жылына 8-9 миллион тонна көмирди қайта ислеў ҳәм 1,18 миллион тонна полимер өнимлерин ислеп шығарыў қуўатлықлары қурылады.

Өткен жылы елимизде 7 мың тонна уран ислеп шығарылып, анықланған резервлер болса 139 мың тоннаға жетти.

Усы жылы Арнасай, Батыс Қызылқақ, Қубла Жангелди, Шығыс Ағран кәнлерин өзлестириўди баслаў режелестирилген.

Шийки зат қазып алыў көлеминиң артыўы мүнәсибети менен оны қайта ислеў қуўатлықларын да арттырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Уранды қайта ислеў қуўатлықларын сульфат кислотасы ҳәм оны ислеп шығарыў ушын зәрүр болған техникалық күкирт пенен турақлы тәмийинлеў илажлары белгилеп алынды.

Президентимиз көмир ҳәм уран санаатында режелестирилген жойбарларды өз ўақтында ҳәм сапалы орынлаў, өндирис көлемлерин арттырыў, экономикалық нәтийжелиликти күшейтиў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.

 

ӨзА