Китапқумар жаслар өз-ара беллести

15

Жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў ҳәм олар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў мақсетинде, «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде «Жас китапқумар» таңлаўының Кегейли районлық басқышы болып өтти.

Таңлаў үш жас категориясы бойынша өткерилип, оған таңлаўдың мектеплер ҳәм мәҳәллелер басқышында жеңимпаз болған китапқумарлар қатнасты.

Қызықлы өткен таңлаў жуўмағында 10-14 ҳәм 15-19  жас категориялары бойынша биринши орынды 55-санлы мектеп оқыўшылары Тумарис Мырзамуратова менен Гүлдана Орынбаевалар, 20-30 жас категориясында Жалпақ жап аўыл пуқаралар жыйыны турғыны Оразбек Қарлыбаев жеңимпаз болды.

Өткерилген илаж жуўмағында жеңимпаз деп табылған қатнасыўшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом менен сыйлықланып, таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық басқышына жолламаны қолға киргизди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы