Баланың ең үстин мәплери: оларды тәмийинлеўде жүзеге келип атырған машқалалы мәселелер неде?

31

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги жалпы мәжилисинде Бала ҳуқықларының кепилликлерин буннан былай да күшейтиў системасын жетилистириўге қаратылған нызам жойбары көрип шығылды. Бул жойбар менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине баланың ең баслы мәплери түсинигин киргизиў усыныс етилмекте.


Бала ҳуқықларын тәмийинлеў мәселеси халықаралық жәмийетшилик ҳәм миллий мәмлекетлер сиясатында әҳмийетли есапланады. Бала ҳуқықларын тәмийинлеўдиң әҳмийети, оның мәплери менен байланыслы мәселелер бойынша Олий Мажлистиң Бала ҳуқықлары бойынша ўәкили (Балалар омбудсманы) Сурайё РАҲМОНОВАның пикирлери менен қызықсындық.

– Балаға байланыслы қарарлар қабыл етиў процесинде оның ең үстин мәплери принципине тийкарғы норма сыпатында қаралады, – деп пикирин баслады С.Раҳмонова. – Бул принцип БМШтың Бала ҳуқықлары ҳаққындағы конвенциясында беккемлеп қойылған болып, оған бола (3-статьясы) балаларға тийисли барлық ҳәрекетлерде, социаллық қорғаў мәкемелери, судлар, ҳәкимшилик ямаса нызам шығарыўшы уйымлар тәрепинен баланың үстин мәплери биринши гезекте итибарға алыныўы шәрт.

Усы мәнисте бул принцип универсал характерге ийе болып, барлық мәмлекетлер ҳәм институтлар ушын мәжбүрий әҳмийетке ийе ҳәм ата-аналар ямаса ҳәкимшилик мәплерден үстин турады. Өзбекстан өзиниң халықаралық миннетлемелери шеңберинде, бәринен бурын, конституциялық дәрежеде ҳәм миллий нызамшылық ҳүжжетлеринде бала ҳуқықларын қорғаўға байланыслы кепилликлерди беккемлеген.

Баланың ең үстин мәплери, бул – балаға тийисли ҳәр қандай қарар, ҳәрекет ямаса сиясатта бәринен бурын оның абаданлығы, қәўипсизлиги ҳәм раўажланыўын тәмийинлеў принципи болып есапланады. Конвенцияға бола, мәмлекетлик уйымлар балаға байланыслы барлық ҳәрекетлерде оның мәплерин үстин қойыўы керек.

Мәселен, судларда балаларға байланыслы келиспеўшиликлерде суд истиң анық жағдайларына тийкарланып, қайсы ата-ана усы шараятларды тәмийинлеў ушын ең жақсы жағдайда екенлигин баҳалаўы зәрүр. Қәўендерлик, билимлендириў ҳәм медицина уйымларының жуўапкерлери де бала менен байланыслы ҳәр бир жағдайды шешиўде әйне усындай қатнаста ҳәрекет етиўи зәрүр. Бул түсиникке улыўма анық тәрийп бериў мүмкин емес, себеби балаға тийисли ҳәр қандай айрықша жағдайда “ең үстин мәп” бәрқулла индивидуалластырылады – жағдайға, баланың жасына, ҳәзирги ўақыттағы ҳәм келешектеги мүтәжликлерине байланыслы болады.

Ең үстин мәп, бул бала ушын ең мақул ҳәм ең мүнәсип шешимди тәмийинлеў ушын қарар қабыл етиўде таяныш болған бир пүтин көзқарас.

Яғный, баланың анаў ямаса мынаў ҳуқықын басқасынан үстин қойыў емес, керисинше, барлық тийкарғы ҳуқықлары тән алыныўы қатнасы болып есапланады.

Мағлыўмат ушын: миллий нызамшылықты үйрениў нәтийжесинде Балалар омбудсманы тәрепинен Әдиллик министрлигине 2024-жылдың ақырында Бала ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенция нормалары қолланылыўы бойынша, баланың ең үстин мәплери принципи нызамлы беккемлениўи зәрүрлиги бойынша усыныслар киргизилген.

Баланың ең үстин мәплери принципин дурыс қолланыў, оның физикалық, психологиялық, әдеп-икрамлылық ҳәм руўхый пүтинлигин тәмийинлеў, инсан қәдирин арттырыў мақсетинде барлық мәпдар тәреплерди тартқан ҳалда оптимал қатнасты ислеп шығыў талап етиледи.

– Усы жерде сораў туўылады: әмелиятта баланың ең баслы мәплерин тәмийинлеўде жүзеге келип атырған машқалалар нелерден ибарат?

– Баланың ең үстин мәпи принципиниң нызамшылықта анық түсиниги болмағанлығы себепли бул халықаралық стандартты әмелиятта қолланыўда ҳәр қыйлы субъектив талқылаў, бирден-бир болмаған қатнаслар ушыраспақта. Айырым жағдайларда болса үлкенлер мәпи ямаса формал ҳәкимшилик қолайлық баланың ҳақыйқый мүтәжликлеринен үстин қойылмақта.

Бул бойынша Балалар омбудсманы мәмлекетлик уйымлардың ҳәрекети бойынша тийисли тәсир ҳүжжетлери арқалы өз мүнәсибетин билдирген. Буннан тысқары, жуўапкерлер бала менен байланыслы жағдайларды шешиў бойынша жетерли билим ҳәм көнликпелерге ийе емеслиги, онда уйымлараралық бирге ислесиўдиң төменлиги де баланың үстин мәплерин ақылға уғрас ҳәм жедел тәмийинлеўге тосқынлық етпекте.

Баланың үстин мәплери принципи бала ҳуқықларын қорғаў системасының таяныш ноқаты болып есапланатуғынын айтыў керек. Усы көзқарастан да “Баланың ең баслы мәплери” мазмун-мәнисин нызамшылықта анық белгилеў, кейинги қәдемде бул принципти дурыс қолланыў, бала мәплерине байланыслы қарарлар қабыл етиў бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың потенциалын арттырыў зәрүр.

ӨзАның хабаршысы Абдулазиз РУСТАМОВ жазып алды