«Жаңа Өзбекстан жулдызлары» миллий сыйлығы ийелери сыйлықланды

Хошамет ҳәм итибар және де нәтийжели мийнет, дөретиўшилик излениске ийтермелейди. «Жаңа Өзбекстан жулдызлары» миллий сыйлығы көркем өнер хызметкерлерин мине усындай жоқары шеклерге қарай шақырып киятырған сыйлықлардан есапланады.
Пайтахтымыздағы «Renessans Hall» комплексинде мәденият ҳәм көркем өнер тараўындағы абырайлы жойбарлардан бири болған «Жаңа Өзбекстан жулдызлары» миллий сыйлығының жеңимпазларын сыйлықлаўға бағышланған илаж өзгеше руўхта ҳәм кең көлемде өткерилди.
Төртинши мәрте шөлкемлестирилген бул илажға көплеген жаңалықлар киргизилди. Атап айтқанда, биринши мәрте сырт мәмлекетлерде өзбек мәденияты ҳәм көркем өнерин жедел үгит-нәсиятлап атырған ҒМДА мәмлекетлериниң ўәкиллери ушын «Жылдың ең жақсы сырт елдеги өзбек мәденияты үгит-нәсиятлаўшысы» номинациясы енгизилди.
Сыйлық ийелерин сыйлықлаў мәресимине елимиздиң мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери менен бирге сырт елли мийманлар да қатнасты. Атап айтқанда, Тәжикстанда хызмет көрсеткен артист, Өзбекстан халық артисти Нигина Аманқулова, Әзербайжан халық артисти Менсум Ибрагимов ҳәм Өзбекстан ҳәм Әзербайжан халық артисти Гулянақ Мемедова, Башқуртстанның «Ay Yola» топары мийман сыпатында қатнасты.
Ҳәзирге шекем сыйлық шеңберинде 20 номинация бойынша 60 дөретиўши мүнәсип деп табылып, хошаметленген еди. Быйылғы сыйлықлаў мәресиминде Milliytanlov.uz платформасы арқалы ашық даўыс бериў процеси бойынша 20 жеңимпаз көплеген номинациялар бойынша анықланды.
Бул сыйлық пенен мәденият ҳәм көркем өнер тараўында 2025-жыл даўамында жоқары нәтийжелерге ерискен, республикалық ҳәм халықаралық илажларда белсене қатнасқан тараўдың мүнәсип ўәкиллери 20 номинация – «Жылдың ең жақсы еркек мақам қосықшысы», «Жылдың ең жақсы ҳаял мақам қосықшысы», «Жылдың ең жақсы опера атқарыўшысы», «Жылдың ең жақсы спектакли», «Жылдың ең жақсы театр актёры», «Жылдың ең жақсы театр актрисасы», «Жылдың ең жақсы театр режиссёры», «Жылдың ең жақсы драматурги», «Жылдың ең жақсы көркем фильми», «Жылдың ең жақсы цирк артисти», «Жылдың ең жақсы аскияшысы», «Жылдың ең жақсы қызықшысы», «Жылдың ең жақсы реңли сүўрет устасы», «Жылдың ең жақсы жас бақсысы», «Жылдың ең жақсы фольклор жәмәәти», «Жылдың ең жақсы аяқ ойыншысы», «Жылдың ең жақсы эстрада қосықшысы», «Жылдың ең жақсы еркек эстрада қосықшысы», «Жылдың ең жақсы сырт елдеги өзбек мәдениятын үгит-нәсиятлаўшысы», «Жылдың ең жақсы мәденият орайы» сыяқлы номинациялар бойынша сыйлықланды.


Миллий сыйлыққа жаңадан қосылған «Жылдың ең жақсы сырт елдеги өзбек мәдениятын үгит-нәсиятлаўшысы» номинациясына биринши талабанлар япониялы Машу Комазаки, қазақстанлы Арман Нурмахаматули ҳәм әзербайжанлы Саҳиб Пашшазаде болды.

Жеңимпаз дөретиўшилер таңлаўдың арнаўлы статуэткасы ҳәм сертификаты, базалық есаплаў муғдарының 100 есеси муғдарында ақшалай сыйлық пенен сыйлықланды.
Салтанатлы сыйлықлаў мәресими “Zo`r TV” телеканалы арқалы жанлы эфирде көрсетилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 25-декабрьдеги «Халыққа мәдений хызмет көрсетиў дәрежесин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 14-октябрьдеги «Жаңа Өзбекстан жулдызлары» мәденият ҳәм көркем өнер миллий сыйлығы ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде «Жаңа Өзбекстан жулдызлары» мәденият ҳәм көркем өнер миллий сыйлығының жеңимпазларын анықлаўға байланыслы салтанатлы илаж турақлы өткерилип киятырғанын айтып өтиў керек.

Назокат УСМОНОВА,
ӨзАның хабаршысы