Саид ЮСУФ: “Өзбекстан – түркий дүньяның руўхый жүреги”

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның мирәт етиўине бола 29-январь күни рәсмий сапар менен усы мәмлекетте болады.
Усы мүнәсибет пенен Түркияның алдынғы бизнес ҳәм экономикалық таллаўларға қәнигелескен “Бусинесс Турк” журналында ТҮРКСАЙ Бас хаткериниң орынбасары Саид ЮСУФтың Өзбекстан – Түркия қатнасықларының бүгинги жағдайы ҳәм перспективаларына бағышланған арнаўлы мақаласы басып шығарылды. Онда түркий дүньяның улыўмалық тарийхый ҳәм руўхый тамырлары, Өзбекстанның түркий цивилизация раўажланыўында тутқан орны ҳәм мәмлекеттиң бай илимий-мәдений мийрасы кеңнен сәўлелендирилген.

– Түркий дүнья – бул улыўма тарийх, тил ҳәм уллы руўхый мийрасқа сүйенетуғын үлкен цивилизация мәканы болып есапланады. Ол Шығыс ҳәм Батысты байланыстырып туратуғын әҳмийетли аймақ сыпатында жәҳән раўажланыўында үлкен орын ийелейди. Түркий халықлар жаратқан мәмлекетшилик дәстүрлери, илимий-ағартыўшылық мийрас ҳәм мәдений байлықлар адамзат цивилизациясының раўажланыўына салмақлы үлес болып қосылған. Түркий дүньяның ҳәр бир мәнзилинде өлмес мәдений мийрас бар болып, бул бағдарда, әсиресе, Өзбекстанның әҳмийети шексиз, – деп атап өткен Саид Юсуф.
Самарқанд, Бухара, Хийўа, Шаҳрисабз, Термиз сыяқлы гөззал ҳәм бийтәкирар қалалар әййемнен мәденият ҳәм илим бесиги болған. Түркий дүняның бул теберик жеринен Муҳаммед ал-Хорезмий, Имам Бухарий, Имам Термизий, Ҳәким Термизий, Әбиў Райхан Беруний, Әбиў Әлий ибн Сина, Маҳмуд Замахшарий, Мырза Улығбек, Әлийшер Наўайы сыяқлы уллы ойшыллар жетисип шыққан. Олардың илимий мийрасы – математика, астрономия, медицина, философия ҳәм ҳәдис илими сыяқлы бағдарлар тек ғана сол дәўирде емес, ал бүгинги күнде де илимий ҳәм руўхый раўажланыўда беккем тийкар болып хызмет етпекте.
Мәселен, VIII-IX әсирлерде жасап дөретиўшилик еткен уллы алым Муҳаммед ал-Хорезмий “ноль” санын ҳәм онлық санақ системасын ҳәм де полюслер координаталарын бириншилерден болып тийкарлап берген ҳәм әмелиятқа енгизген. Ол жаратқан алгебра ҳәм алгоритмлеўге байланыслы илимий теориялар заманагөй математика, информатика ҳәм санлы технологиялар раўажланыўының тийкары есапланады. Имам Бухарий ҳәм Имам Термизийдиң ҳәдис илиминдеги мийрасы болса ислам мәнаўияты, әдеп-икрамлылық ҳәм социаллық қатнасықлардың қәлиплесиўинде үлкен әҳмийетке ийе. Әбиў Райхан Беруний математика, астрономия, тарийх, география сыяқлы түрли пән тараўлары менен шуғылланған. Жердиң Қуяш әтирапында айланыўы ҳаққындағы пикирин алға сүрген, Жердиң домалақ формада екенлигин тийкарлап берген ҳәм дүньяның географиялық картасын дүзген.
Әбиў Әлий ибн Синаның медицина ҳәм философия тараўындағы шығармалары ҳәзирги заман медицина тәлими ҳәм илимий қатнаслар ушын тийкар болмақта. Мырза Улуғбектиң астрономиялық бақлаўлары ҳәм илимий есаплаўлары болса заманагөй астрономия пәниниң раўажланыўына үлкен тәсир көрсеткен.
Бундай мысалларды және узақ даўам еттириў мүмкин. Ең әҳмийетлиси, бүгинги күнде Өзбекстан мине усы уллы мийрасты, мәдениятты, қәдириятларды қәстерлеп сақлаў, үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў менен бир қатарда, ата-бабаларға мүнәсип әўладларды жетистириўге де оғада үлкен итибар қаратпақта.
Әсиресе, Ҳүрметли Президент Шавкат Мирзиёев Жаңа Өзбекстанды ҳәм Үшинши Ренессанс тийкарын жаратыў жолында тарийхый реформаларды әмелге асырып атырғаны, ашық, әмелий ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыўға үлкен әҳмийет берип атырғаны дыққатқа ылайық.
Өзбекстанның, соның ишинде, түркий халықлар менен байланыслары жаңа басқышқа көтерилгени тек ғана Орайлық Азияда емес, ал пүткил түркий дүньяда пүткиллей жаңа сиясий орталықтың қәлиплесиўине үлкен түртки берди. Демек, бизиң тарийхый өтмишимиз бир болғаны сыяқлы айдын келешегимиз де тек ғана бирлик ҳәм аўызбиршилик, жаңа дөретиўшилик жетискенликлер менен биргеликтеги цивилизациямызды раўажландырыў арқалы жаратылады. Бүгинги күнде пүткил инсаният, итимал ҳәр қашанғыдан да көбирек мине усындай бирликке мүтәж.
Халықларымыз арасындағы дослық ҳәм аўызбиршилик қатнасықларын беккемлеўде Халықаралық түркий мәденият шөлкеми – ТҮРКСАЙдың орны ҳәм әҳмийети үлкен. Өзбекстан бул абырайлы шөлкемниң тийкарын салыўшылардан бири болып есапланады. Президент Шавкат Мирзиёевтиң тапсырмасына тийкарланып мәмлекет 2022-жылдан баслап ТҮРКСАЙды жоқары дәрежеде қоллап-қуўатлаў арқалы оның жумысында белсене қатнаспақта. Усы тәризде Өзбекстан ТҮРКСАЙ жумысына жаңаша руўх бағышлады. Бүгин шөлкем шеңберинде әмелге асырылып атырған ҳәр бир жойбарда өзбек халқының бай мәденияты, көркем өнери, дәстүрлери ҳәм миймандослық пазыйлетлери айқын көзге тасланбақта.
Өзбекстанда түркий мәмлекетлер мәденияты ҳәм көркем өнери күнлери, жаслар ҳәм театр фестивальлары, дөретиўшилик форумлар шөлкемлескенлик пенен өткерилмекте. Шөлкем шеңбериндеги илимий-ағартыўшылық әнжуманлар, түркий тиллер ҳәм әдебиятлардың раўажланыўына бағышланған халықаралық конференциялар, мәдений илажлар ҳәм жойбарларда Өзбекстан ўәкиллери белсене қатнаспақта.
Өзбекстанның бренди дәрежесине көтерилген Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы, Халықаралық мақам көркем өнери әнжуманы, “Шарқ тароналари” фестивалы, “Ләзги” халықаралық фестивалына ТҮРКСАЙ белсене қатнаспақта. Шөлкемимиз тәрепинен өзбек халқының уллы шайыр ҳәм ойшыллары, тарийхый тулғаларының туўылған күнлери кеңнен белгиленбекте.
Өзбекстанда ТҮРКСАЙдың 30 жыллығы жүдә үлкен салтанат сыпатында белгиленди.
Түркий дүньяның сиясат, илим, медицина, әдебият ҳәм көркем өнер тараўларында үлкен жетискенликлерге ерискен ғайраткерлерин хошаметлеў мақсетинде уллы шайыр ҳәм ойшыл Мир Әлийшер Наўайы атындағы халықаралық сыйлық шөлкемлестирилгени мәдений турмысымызда әҳмийетли ўақыя болды.
Мәденият ҳәм көркем өнер тараўындағы бирге ислесиўде ҳәр жылы түркий мәмлекетлердеги қалалардан бириниң “Түркий дүньяның мәденият пайтахты” деп жәрияланыўы ең гөззал дәстүрлеримизден бири болып есапланады. Бул, мине, усы қала тымсалында ҳәр бир мәмлекеттиң өзине тәнлиги, мәденияты, көркем өнери, қәдириятларын халықаралық көлемде және де кеңнен көрсетиўге үлкен түртки болды. 2021-жылы Өзбекстанның Хийўа қаласы “Түркий дүньяның мәденият пайтахты” деп жәрияланған еди. Усы жылы Әндижан қаласы усындай жоқары статусқа ийе болды. Усы мәнисте, 2026-жылы ТҮРКСАЙ жумысының әҳмийетли бөлеги Өзбекстан менен байланыслы болады.
Өткен жылы Қоқанд қаласы “Түркий дүньяның өнерментлери қаласы” деген итибарға ийе болды.
Бизге белгили, ТҮРКСАЙ Бас секретариатында ҳәр бир ағза мәмлекеттиң ўәкили жумыс алып барады. Қуўанышлы тәрепи сонда, өткен жылы Бас секретариатымызда биринши мәрте Өзбекстан ўәкили рәсмий жумысын баслады. Бул бирге ислесиўимизди буннан былай да раўажландырыўға хызмет ететуғынына исенемиз.
Өзбекстан жетекшисиниң ТҮРКСАЙ жумысына турақлы итибары бизге үлкен қанаатланыўшылық бағышлайды. Соның ишинде, ТҮРКСАЙ шөлкеминиң 30 жыллығы мүнәсибети менен Өзбекстанда өткерилген мәденият күнлери қатнасыўшыларына жоллаған қутлықлаўында Ҳүрметли Шавкат Мирзиёев: “Биз әзелден тарийхы, тили ҳәм дини, үрп-әдет ҳәм дәстүрлери, бүгинги арзыў-нийетлери бирдей болған халықларымыз арасында дослық ҳәм аўызбиршилик қатнасықларын беккемлеўде ТҮРКСАЙдың үлкен орны ҳәм әҳмийети бар екенлигин миннетдаршылық пенен тән аламыз”, деп атап өткен еди.
Ҳүрметли Шавкат Мирзиёев ТҮРКСАЙ жумысын раўажландырыў бағдарында да усынысларын алға қойып келмекте. Атап айтқанда, 2025-жыл 21-май күни Будапешт қаласында болып өткен Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң рәсмий емес саммитинде Өзбекстан басшысы мәмлекетлеримиз арасындағы мәдений бирге ислесиўди раўажландырыўда Халықаралық түркий мәденият шөлкеми – ТҮРКСАЙ айрықша орынға ийе екенин тән алып, бул бағдардағы ҳәрекетлерди жаңа басқышқа алып шығыў ҳәм ТҮРКСАЙдың абырайын және де арттырыў ушын оның жумысы ҳәм структурасын заман талапларына сәйкес түрде жетилистириў зәрүрлигин билдирди. Усы тийкарда өткен жылы 7-октябрьде Әзербайжан Республикасының Габала қаласында болып өткен Түркий мәмлекетлер шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң 12-мәжилисинде Мәмлекет басшылары тәрепинен “Халықаралық түркий мәденият шөлкеми “ТҮРКСАЙ”ды раўажландырыў ҳәм беккемлеў ҳаққында”ғы қарар қабыл етилди. Ҳәзирги ўақытта ТҮРКСАЙ Бас секретариаты усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ағза мәмлекетлер менен биргеликте жедел жумыс алып бармақта.
2025-жылдың жуўмағы алдында және бир қуўанышлы ўақыяның гүўасы болдық. Ноябрь айында Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайында Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Әзербайжан Президентлериниң қатнасыўында “Келешек мийрасы” халықаралық сыйлығының лауреатларын сыйлықлаў мәресими өткерилди. Әҳмийетли тәрепи сонда, бул абырайлы сыйлықтың биринши ийелери қатарында ТҮРКСАЙ Бас хаткери, Қырғызстан халық жазыўшысы Султан Раев “Әдебият” номинациясында сыйлықланды.
Жуўмақлап айтқанда, Өзбекстанның түркий дүньяда тутқан орны тек ғана бай тарийхый мийрас емес, ал айдын келешекке қаратылған стратегиялық ийгиликли умтылыслар менен белгиленеди. Ҳүрметли Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен алға қойылып атырған Үшинши Ренессанс идеясы ҳәм ТҮРКСАЙ шеңбериндеги жаңаланыўлар туўысқан халықларымыздың руўхый бирлигин беккемлеўге хызмет етеди.
Ата-бабалардың абырайы ҳәм әўладлардың бахыт-ығбалы жолындағы бундай аўызбиршилик түркий цивилизацияның жәҳән майданындағы абырайын буннан былай да арттыратуғыны сөзсиз. Өзбекстан болса өзиниң илимий-мәдений потенциалы менен түркий дүньяның руўхый жүреги болып қала береди.
ӨзАның хабаршысы Марҳабо ҲОЖИАКБАРОВА таярлады.