Өзбекстан байрағы реңинде жилўаланып атырған Стамбул

16

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Түркия Республикасына рәсмий сапары мүнәсибети менен Түркия жәмийетшилиги ҳәм өзбекстанлы ўатанласлар тәрепинен жоқары дәрежеде таярлық көрилди.

Сапар етиў шеңберинде Стамбул қаласындағы Босфор көпири Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик байрағының реңлеринде жақтыландырылды.

Сондай-ақ, атақлы Галата минарасында да Ўатанымыз байрағы сәўлелендирилип, ўатанласлар тәрепинен мәмлекетимиз ҳаққында үгит-нәсият жумыслары әмелге асырылды.

ӨзА