Бухара суўынын қорғаў бойынша илажлар додаланды

FOLUR – Өзбекстан жойбары жумысшы топары Экология комитетине қараслы Зарафшан миллий тәбият бағының илимий ислер бойынша директор орынбасары, Бухара суўыны бойынша көп жыллық эксперт Наталья Мармазинская менен биргеликте Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерватына барды.
Мақсет Қызыл китапқа киргизилген Бухара суўынының ҳәзирги жасаў аймағын үйрениў, сондай-ақ, оның жасаў шараятларын жақсылаў ҳәм популяцияны нәтийжели басқарыў бойынша усыныслар ислеп шығыўдан ибарат болды.
Қәнигелер суўынлар популяциясының бир бөлегин Бадай-тоғай аймағынан 60-70 километр қашықлықта жайласқан резерваттың Назархан участкасына көшириў мәселесине айрықша итибар қаратты. Қәнигелердиң мағлыўматларына бола, Бадай-тоғайда суўынлар санының кескин артыўы нәтийжесинде өсимлик қапламы дерлик 90 процентке қысқарған, жер асты суўларының қәдди болса 5-6 метрге төменлеген. Бул жағдайлар ҳайўанлардың азықлық базасы ҳәм жасаў орталығының улыўмалық жағдайына айрықша унамсыз тәсир көрсетпекте.
Изертлеўдиң әҳмийетли тәреплеринен бири суўынларды Назархан участкасына көшириўдиң абзаллықларын ҳәм итималлық қәўип-қәтерлерин үйрениў болды. Наталья Мармазинскаяның атап өтиўинше, бул аймақ қолайлы ландшафтқа ийе болып, ҳайўанларды узақ мүддет сақлаў ушын қолайлы есапланады. Сондай-ақ, популяцияның бир бөлегин көшириў Бадай-тоғай экосистемасына түсип атырған басымды азайтыў, тығыз популяция ишинде жақын туўысқанлараралық шағылыстырыў менен байланыслы генетикалық машқалалардың алдын алыўға хызмет етеди.
Экспертлердиң болжаўына бола, Назархан участкасы Бухара суўынының жасаў ареалын кеңейтиў ҳәм пүткил популяция турақлылығын беккемлеў ушын ең қолайлы аймақ болыўы мүмкин.
Төменги Әмиўдәрья биосфера резерваты Орайлық Азиядағы ең әҳмийетли тоғай аймақларынан бири болып, ЮНЕСКОның биосфера резерватлары тармағына киреди. Бухара суўынын сақлап қалыў тек ғана бийбаҳа түрдиң қорғалыўы емес, ал пүткил регион экосистемасының турақлылығын тәмийинлеў көзқарасынан да стратегиялық әҳмийетке ийе.
Сапар етиў шеңберинде FOLUR – Өзбекстан жойбарының қорғалатуғын аймақларды басқарыў системасында тәбиятқа тийкарланған шешимлерди (Nature-based Solutions, NbS) енгизиўге қаратылған үшинши компонентин әмелге асырыў бойынша қосымша илажлар да додаланды. Резерваттың илимий хызметкери Ақылбек Тўраев пенен биргеликте азықлық базасын жақсылаў ҳәм ҳайўанлардың жасаўының тәбийғый шараятларын тиклеў бойынша жумыслар алып барылыўы режелестирилмекте.
Мағлыўмат ушын: Төменги Әмиўдәрья резерватына Бухара суўынлары дәслеп 1976-жылы (3 бас), кейин ала 1978-жылы (9 бас) ҳәм 1987-жылы (9 бас) алып келинген. Жәми Тәжикстан Республикасынан 21 бас ҳайўан алып келинген. Бүгинги күнде усы аймақта жоғалып кетиў қәўпи астында турған ҳәм Өзбекстан Қызыл китабына киргизилген Бухара суўынының дүньядағы ең ири популяциясы жәмленген.
FOLUR – Өзбекстан жойбары (Food Systems, Land Use and Restoration Impact Program) мәмлекетте агроландшафтларды турақлы басқарыў, экосистемаларды тиклеў ҳәм биокөптүрлиликти сақлаўға қаратылған халықаралық баслама болып есапланады. Төменги Әмиўдәрья биосфера резерватында әмелге асырылатуғын илажлар Бухара кийигин ҳәм регионның тәбийғый комплекслерин узақ мүддет сақлап қалыўға әҳмийетли үлес қосады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги