Мақсет: мәнаўият ҳәм ўатансүйиўшилик руўхын және де беккемлеў

Арқа-батыс әскерий округинде “Түркстан ағартыўшыларының сиясий көзқараслары” атамасында руўхый-ағартыўшылық илаж өткерилди.
Бул илаж даўамында жадидшилик ҳәрекетиниң жетик ўәкиллери – Абдулла Авлоний, Маҳмудхожа Беҳбудий, Мунавварқори Абдурашидхонов, Абдурауф Фитрат сыяқлы ағартыўшылардың миллет раўажланыўы жолындағы пидәкерлик жумысы, олардың илим-ағартыўшылықты жәмийет раўажланыўының тийкарғы факторы сыпатында алға қойғаны ҳәр тәреплеме жарытып берилди. Ағартыўшылардың тийкарғы идеялары мысаллар тийкарында талланып, халықты илим арқалы оятыў, еркин пикирлейтуғын, заманагөй жәмийетти қәлиплестириў бағдарындағы көзқарасларына айрықша итибар қаратылды.
Сондай-ақ, жадидлердиң сиясий көзқарасларында әдил жәмийет қурыў, нызам үстинлигин тәмийинлеў, миллий мәплерди қорғаў сыяқлы принциплер үстин болғаны атап өтилди.
Олардың өз дәўиринде ҳүким сүрген колониялық сиясатқа қарсы қурал менен емес, ал руўхый-ағартыўшылық жол менен гүрес алып барғаны, азатлық ҳәм раўажланыўға илим, билимлендириў ҳәм сана-сезим арқалы ерисиў идеясын алға қойғаны әскерий хызметкерлердиң итибарына усынылды.
Илажда бул тарийхый мийрастың бүгинги күндеги әҳмийети, атап айтқанда, әскерий хызметкерлердиң идеологиялық иммунитетин беккемлеў, оларда ўатансүйиўшилик, миллий мақтаныш ҳәм жуўапкершилик сезимин арттырыўдағы орны айрықша атап өтилди. Әскерий хызметкерлер ағартыўшылардың сиясий көзқарасларын бүгинги заманагөй Өзбекстанның турақлы раўажланыўы, тынышлық ҳәм татыўлықты тәмийинлеўде Қураллы Күшлердиң тутқан орны менен байланыстырып, өз пикир-усынысларын билдирди.


Илаж жуўмағында келешекте де бундай илажларды системалы түрде шөлкемлестириў әскерий жәмәәтлерде жоқары мәнаўият ҳәм ўатансүйиўшилик руўхын және де беккемлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги