Алтынныӊ баҳасы рекорд шыңына көтерилди
32

Бүгин ерте таңда Нью-Йорк “Comex” биржасында алтын фьючерсиниң баҳасы 133,9 доллар ямаса 2,61 процентке артып, бир троя унциясы ушын 5254,5 долларды қурады.
Индикатор тарийхта биринши мәрте усындай дәрежеге шықты. “BCS World of Investments” фонд базарының эксперти Александр Шепелев алдынырақ атап өткениндей, халықаралық майданда алтынның баҳасы оғада жоқары болып қалмақта. Оның сөзлерине бола, санкция ҳәм саўда деглобализациясы күшейиўде даўам етсе, алтын баҳасы үш-төрт жыл ишинде он мың долларға жетиўи мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги