Ташкент қаласында жынаятшылардан тартып алынған синтетикалық затлар кейинги бес жылда он бир есеге артқан

Синтетикалық наркотиклердиң 95 проценти интернет арқалы тарқатылып, төлем криптовалютада болып атырғаны, нарколабораториялар мәмлекет ишинде ашылып атырғаны атап өтилди.
Сондай-ақ, нызамшылықта мәмлекетлик уйымлардың бул бағдардағы ўазыйпалары да анық көрсетилмеген. Наркотиклер ҳәм оқ атыўшы қуралларды қадағалаў агентлиги тек ғана таллаў ҳәм халықаралық бирге ислесиў менен шекленип қалғаны сынға алынды.
Енди агентликтиң жуўапкершилиги күшейтилип, оған жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў, қадағалаў ҳәм баҳалаў ўәкиллиги бериледи. Агентлик барлық күш ҳәм қуралларға ийе болады.
Агентлик басшысы Р.Маматов жумысында өзгерис болмаса, лаўазымына ылайықлығы көрип шығылатуғыны ҳаққында ескертилди.
1999-жылы қабыл етилген наркотиклер ҳаққындағы нызамды жаңадан ислеп шығыў зәрүрлиги атап өтилди.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.
ӨзА