Хызметкерлерге түнги хызметтиң ҳәр бир саатына базалық есаплаўдың бес проценти муғдарында компенсация төленеди

9

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

Ишки ислер ҳәм Миллий гвардия хызметкерлерине түнги хызметтиң ҳәр бир саатына базалық есаплаўдың 5 проценти муғдарында компенсация төлениўи белгиленди.

Халықтың ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм қолайлы шараят жаратыў мақсетинде судлар, адвокатура, суд-медициналық экспертизаның да орайласқан түнги нәўбетшилигин шөлкемлестириў бойынша сырт ел тәжирийбесин үйрениў тапсырылды.

Алдынғы тәжирийбе тийкарында халық тығыз жайласқан орынларда дрон жәрдеминде патрульлық бақлаў жолға қойылады.

Чиланзар районы ишки ислер хызметкерлери тараўы ҳәм аймағына қарамастан, пуқара мүрәжатын қабыл етеди, көшеде формалы хызметкерге етилген мүрәжат “102”ге хабар берген менен тең болады.

Райондағы барлық 55 мәҳәлледеги профилактика инспекторының хызмет бөлмеси есиги оның менен оператив байланысыў ушын байланыс түймеси менен үскенеленеди. Яғный профилактика инспекторы қай жерде болмасын, халық оның қол телефоны ҳәм планшетине күни-түни байланысыўы мүмкин болады.

Профилактика инспекторы ушын заманагөй, халыққа унайтуғын көринисте форманы таярлаў тапсырылды. Инспекторлардың жумысы санластырылады, “даўыслы түсиник хат” алыў әмелияты жолға қойылады.

Сондай-ақ, районлық ишки ислер тергеў бөлиминде материалларды көрип шығатуғын тергеўге шекем тексериў топарлары дүзиледи.

Буннан былай профилактика инспекторына KPI қойыўда протокол дүзиў өлшем болмайды.

“Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳаққында”ғы нызам да оғада декларациялық жазылғаны, ҳақыйқый жағдай тийкарында әмелде ислейтуғын жаңа нызам жойбарын ислеп шығыў, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексти де профилактикаға бағдарланған ҳәм тәсиршеңлигин арттырған ҳалда жаңалаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

ӨзА