Ҳәзирше тек ғана “Чорсу” ҳәм “Фарҳад” базарларында ситуациялық орай шөлкемлестирилген

17

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

Ири базарлар ҳәм ғалабалық орынларда жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша гвардия, ишки ислер ҳәм айрықша жағдайлар уйымларының бирге ислесиўи жетерли емес екенлиги көрсетип өтилди.

Өткен жылы базарлар ҳәм парклерде 87 жынаят исленген, қалада жәми 774 өрт жүз берген.

Базарларды санластырыў оғада төмен екенлиги, ҳәзирше тек ғана “Чорсу” ҳәм “Фарҳад” базарларында ситуациялық орай шөлкемлестирилгени атап өтилди.

Ишки ислер министриниң мәлимлеме технологиялары бойынша жуўапкер орынбасары З.Қурбонов тайынланғанына еки жылдан асқаны, бирақ системаны санластырыў бойынша еле сезилерли нәтийже көринбей атырғаны сынға алынды.

Усы ҳәм басқа да системалы машқала және кемшиликлер биринши гезекте басшылардың айыбы екени атап өтилди.

Сол себепли, буған жуўапкер министр орынбасары Б.Абдуллаев ҳәм республика профилактика баслығы Х.Қодиров жумыстан босатылған еди.

ӨзА