Пайтахттың ҳуқық-қорғаў уйымларының басшылары елеге шекем ески “қәлип”тен шыға алмай атырғаны сынға алынды

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қәўипсизликке тиккелей қәўип туўдырып атырған шөлкемлескен жынаятшылық, наркожынаятшылық, кибержынаятлар ҳәм жасырын экономика бойынша тәсиршең илажларды белгилеў бойынша видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.
– Бирақ ҳуқық-қорғаў системасы пайтахттағы жаңалықларға сәйкес ислеп атыр ма? Тилекке қарсы, яқ, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Пайтахттың ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары – прокурор ўазыйпасын атқарыўшы А.Ўрмонов, ишки ислер (Султонхўжаев), департамент (биринши орынбасар Кенжаев), қәўипсизлик (Берлибоев), гвардия (Ортиқов), суд (Исмоилов), әдиллик (биринши орынбасар Назаров), бажыхана (Саидов), салық басшысы (Насимжонов) республикаға үлги болмай атыр. Оның ушын пайтахтта ресурс та, күш-қураллар да, илимий потенциал да жетерли болыўына қарамастан, елеге шекем ески “қәлип”тен шыға алмай атырғаны сынға алынды.
Быйыл Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерилетиў жылы, деп аталды. Ҳәр қандай ҳуқықбузарлықтың алдын алыўда тийкарғы буўын – мәҳәлле профилактикасы. Бирақ Ташкент қаласындағы профилактика хызметлериниң жумысы дурыс шөлкемлестирилмегени себепли машқалалар топланып қалғаны атап өтилди.
Ишки ислер баслықлары профилактика инспекторларын азанғы саат жетиде ҳәм кешки саат онда жыйнап, саатлап жыйналыс өткереди. Олар ҳуқықбузарлық пенен ислесиўдиң орнына коммуналлық қарыздарлық ҳәм алимент өндириў, армияға жибериў ҳәм басқа да жәмийетлик жумысларға тартылмақта.
– Ақыбетинде оларды мәҳәлледе таўып болмайды. Бир неше мәҳәллеге өзим адам жибердим. Көпшилиги жумыста жоқ ямаса басқа жумысты ислеп жүр, – деди Президентимиз.
ӨзА