Өзбекстан Президенти Азия Олимпиада кеңесиниң 46-Бас ассамблеясы қатнасыўшыларын қутлықлады

28

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 26-январь күни Ташкентте болып өтип атырған Азия Олимпиада кеңесиниң 46-Бас ассамблеясында қатнасты.

Илажда жетекши халықаралық ҳәм регионаллық спорт шөлкемлериниң басшылары ҳәм ўәкиллери, соның ишинде, Миллий олимпиада комитетлери ассоциациясының биринши вице-президенти, Қатар Олимпиада комитетиниң президенти Шайх Жаван бин Ҳамад Ол Соний,  Пүткил жер жүзилик антидопинг агентлигиниң президенти Витольд Банька, Халықаралық гимнастика федерациясының президенти Моринари Ватанабэ, Халықаралық аўыр атлетика федерациясының президенти Муҳаммад Жалуд, “World Boxing”  шөлкеминиң президенти Геннадий Головкин, Халықаралық шөп үстинде хоккей федерациясының президенти Муҳаммад Таййаб Икрам, Азия Паралимпиада комитетиниң президенти Мажид Рашид, Халықаралық самбо федерациясының президенти Василий Шестаков, Миллий олимпиада комитетлери ассоциациясының бас хаткери Гунилла Линдберг ҳәм Африка Олимпиада комитетлери ассоциациясының президенти Мустафо Берраф та қатнасты.

Сондай-ақ, ассамблея жумысында арнаўлы мийманлар ҳәм рәсмийлер, атап айтқанда, Америка Қурама Штатлары Президентиниң арнаўлы ўәкили Паоло Замполли, Россия Федерациясы спорт министри Михаил Дегтярёв, Саудия Арабстаны Патшалығы спорт министри Абдулазиз бин Түркий Ол Сауд, Қатар жаслар ҳәм спорт министри Шайх Ҳамад бин Халифа Ол Соний ҳәм басқалар қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде барған сайын күшейип атырған глобаллық келиспеўшиликлерге қарамастан, спорт мәмлекетлер ҳәм халықлар арасындағы сөйлесиў, өз-ара түсинисиў ҳәм бирге ислесиўди беккемлеўдиң универсал қуралы сыпатында орын иелейтуғынын айрықша атап өтти.

Өзбекстан Президенти Шайх Жаван бин Ҳамад Ол Сонийди Азия Олимпиада кеңесиниң президенти етип сайланғаны менен қутлықлап, оның жоқары дәрежедеги кәсиплик шеберлиги, салмақлы халықаралық тәжирийбеси ҳәм тек ғана Азия континентинде емес, ал пүткил дүньяда спорттың раўажланыўына қосқан үлкен үлесин атап өтти.

Өзбекстанның Азия Олимпиада кеңеси менен көп тәреплемели бирге ислесиўин раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. Кеңес Атқарыў комитетиниң 77-сессиясы табыслы өткерилгени, республикамыз ўәкили Орайлық Азия регионы бойынша вице-президент етип сайланғаны ҳәм 2029-жылғы Жаслар Азия ойынларына басшылық етиў ушын Өзбекстан таңланғаны атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы Жаңа Өзбекстанда денетәрбия ҳәм спорт тараўында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳаққында да сөз етти.

Үш басқышлы “Президент Олимпиадасы” комплексли спорт жарыслары системасы жолға қойылды, заманагөй спорт инфраструктурасы, атап айтқанда, Олимпиада қалашасы қурылды, жоқары маманлықтағы спортшыларды таңлап алыў ҳәм таярлаў системасы кеңейтилмекте.

Халықаралық майдандағы жоқары нәтийжелер, соның ишинде, 2024-жылы Парижде болып өткен Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларында Өзбекстан спортшыларының табыслы қатнасқаны және елимизде ғалабалық спорт раўажланып, бүгинги күнде 15 миллионнан аслам халық турақлы түрде денетәрбия менен шуғылланып атырғаны атап өтилди.

Халықаралық ҳәм Азия спорт шөлкемлери Өзбекстан миллий спорт федерациялары менен 20 дан аслам келисимлерге қол қойғаны атап өтилди.

Атап айтқанда, Халықаралық аўыр атлетика федерациясы Ташкент ўәлаятының Бостанлық районында Акбар Жўраев атындағы аўыр атлетика спорт клубын заманагөй илимий қатнас тийкарында раўажландырыўға жәрдемлеседи, Бирлескен гүрес дүньясы шөлкеми Регионаллық спорт гүреслери академиясын шөлкемлестиреди. Азия волейбол конфедерациясы ҳәр бир ўәлаятта биреўден волейбол бойынша спорт клубын қурса, Шөп үстинде Халықаралық хоккей федерациясының техникалық жәрдеминде 2 стадион қурылады.

Өзбекстанның ҳадал спорт принципине әмел етиў ҳәм допингке қарсы гүресиўдиң исенимли тәрепдары болып қалатуғыны атап өтилди.

Бул бағдарда Ташкентте Орайлық Азия регионаллық антидопинг шөлкемлериниң мәжилиси ҳәм халықаралық форум өткерилип атырғаны айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы Жаңа Өзбекстан барлық мәмлекетлер менен спорт тараўында көп тәреплемели ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиў ушын ашық екенлигин тастыйықлап, спорт дипломатиясын раўажландырыў ҳәм биргеликтеги басламаларды алға қойыўға таяр екенин атап өтти.

Илаж жуўмағында Шайх Жаван бин Ҳамад Ол Соний олимпиада ҳәрекетин раўажландырыў, әҳмийетли спорт басламаларын алға қойыўға қосып атырған айрықша үлеси ушын Өзбекстан Миллий Олимпиада комитетиниң “Шон-шараф” ордени менен сыйлықланды.

ӨзА