Абу-Дабидеги сөйлесиўлер не менен жуўмақланды?

Абу-Дабиде АҚШ жәрдеминде Украина ҳәм Россия арасында болып өткен үш тәреплеме ушырасыўлар жуўмағына жетти. Тийкарғы нәтийже тәреплер арасында тиккелей байланыс орнатылды, бирақ анық келисимлерге ерисилмеди, деп хабар берди DW агентлиги.
Украина президенти Владимир Зеленскийдиң айтыўынша, бул узақ ўақыттан берли күтилип атырған дәслепки үш тәреплеме сөйлесиў. Оның сөзлерине бола, сөйлесиўлер конструктивлик өткен ҳәм тийкарғы итибар урысты қалай жуўмақлаў мүмкин екенлигине қаратылған.
Сөйлесиўлер ўақтында Россия Украинаға гезектеги күшли ракета ҳәм дрон ҳүжимин әмелге асырды. Украиналы сиясатшылар бул ўақыядан кейин Россияны тынышлыққа таяр емесликте айыплап, санкцияларды күшейтиўге шақырды.
Украиналы эксперт Анна Шелесттиң пикиринше, бул ушырасыў анық қарарлар шығармаса да, сөйлесиўлер динамикасының өзгергенин көрсетти. Биринши мәрте АҚШ ҳәм Россия ўәкиллери Украина менен бир стол әтирапында отырды. Бул АҚШқа Россияның ҳақыйқый позициясын жақсырақ түсиниў имканиятын береди.

Басқа эксперт Владимир Горбач болса бул процессти көбирек көзабаға деп есаплайды. Ол “Трамп режеси” деп аталған усыныстың әмелге аспайтуғынын, ең көби менен айырым техникалық келисимлерге ерисиў мүмкин екенин айтты.
Украиналы экспертлердиң улыўма жуўмағы сыпатында соны айтыў мүмкин, ҳәзирше бул ҳақыйқый тынышлық сөйлесиўи емес, ал дипломатиялық процесстиң басланыўы. Украина тынышлыққа қарсы емес, бирақ урыс даўам етип атырған бир ўақытта реал келисим болыўына исенбейди. Россия позициясында болса, ҳәзирги сөйлесиўлер процесинде өз шәртлерин қабыл етиўге урыныў бақланбақта.
Қулласы, Бирлескен Араб Әмирликлеринде үш тәреплеме сөйлесиўлер жуўмақланды. Сөйлесиўлерден кейин делегациялар тарқасты. Енди ҳәр бир тәреп Абу-Дабиде додаланған мәселелерди өз жетекшилери ҳәм ҳүкимет ағзалары менен келисип алады. Кейин болса, итимал, келеси ҳәптеде және сөйлесиўлер столына қайтыўы мүмкин.
Бул ҳаққында Украина президенти Владимир Зеленский мәлим еткен.
ӨзА