Шаңарақ тынышлығы – нызам қорғаўында

17

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 26-статьясына муўапық, ҳәр бир инсанның абырайы ҳәм қәдир-қымбатына қол қатылмайды, ҳеш ким басым өткериў, зорлық ямаса кемситиўге ушырамаўы керек. Усы конституциялық принциптен келип шыққан ҳалда мәмлекетимизде ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаўға қаратылған беккем ҳуқықый тийкарлар жаратылған.

Атап айтқанда, “Ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы қабыл етилип, онда физикалық, руўхый, экономикалық ҳәм жынысый зорлық, сондай-ақ, басым өткериў ҳәм қуўдалаў түсиниклерине анық ҳуқықый тәрийп берилди. Нызамда жәбирлениўшилерди қорғаў механизмлери, қорғаў ордерин бериў тәртиби ҳәм жуўапкер мәмлекетлик уйымлардың ўәкилликлери де белгилеп қойылған.

Жәбирлениўшилерди қорғаўдың нәтийжели ҳуқықый қуралларынан бири сыпатында қорғаў ордери институты енгизилди. Оған бола, күш көрсетиў ямаса зорлыққа ушыраған шахс ўәкилликли уйымлар ямаса суд тәрепинен белгиленген мүддетке қорғаў ордерин алыўы мүмкин. Бул ордер зорлық ислеген шахсқа жәбирлениўши менен байланысыў, оны қуўдалаў ямаса излеўди қадаған етеди. Әмелият соны көрсетпекте, қорғаў ордери зорлық жағдайларының қайталаныўының алдын алыўда әҳмийетли профилактикалық ҳуқықый тәсир шарасы сыпатында өз нәтийжесин бермекте.

Усы мүнәсибет пенен жынаят ислери бойынша Нөкис районы судының тергеў судьясы Г.Утепбергенова тәрепинен Нөкис районы ҳәкимлигинде ушырасыў өткерилди.

Онда район ҳәкиминиң орынбасары – шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы С.Абатова, районлық ишки ислер бөлиминиң ҳаял-қызлар мәселелери бойынша аға инспекторы, подполковник Р.Сарманова ҳәм нураный апалар қатнасты.

Ушырасыў даўамында ҳаял-қызлар арасында ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў, зорлық жағдайларына шек қойыў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар додаланды. Сондай-ақ, ҳаял-қызларды шаңарақлық (турмыслық) зорлықтан қорғаўдың ҳуқықый механизмлери, атап айтқанда, қорғаў ордерин бериў тәртиби ҳәм оны бузғаны ушын белгиленген жуўапкершилик мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Илаж шеңберинде тергеў судьясы тәрепинен жәмийетшиликтиң қатнасыўында шаңарақлық зорлыққа байланыслы ис материалы көрип шығылып, зайыбына берилген қорғаў ордери талапларын бузған ҳуқықбузарға нызамға муўапық ҳәкимшилик жәрийма жазасы тайынланды.

Бундай ашық суд мәжилислери халықтың ҳуқықый санасын арттырыў, зорлыққа маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириў ҳәм пуқараларды нызамларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўда үлкен әҳмийетке ийе.

Қарақалпақстан хабар агентлиги