Өзбекстан Президенти тынышлық кеңесиниң режесине қол қойды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев АҚШ Президенти Дональд Трамптың мирәт етиўине бола 21-22-январь күни Америка жетекшисиниң басламасы менен шөлкемлестирилген Тынышлық кеңесиниң режесине қол қойыў мәресиминде қатнасыў ушын әмелий сапар менен Швейцарияға барды.
Мәмлекетимиз басшысы 22-январь күни Давос қаласында Тынышлық кеңесиниң Режесине қол қойыў мәресиминде қатнасты.
АҚШ Президенти Дональд Трамптың басшылығында өткен илажда Аргентина, Армения, Бахрейн, Болгария, Индонезия, Иордания, Морокко, Монголия, Әзербайжан, Парагвай, Пакистан, Қатар, Қазақстан, Саудия Арабстаны, Түркия, Венгрия ҳәм басқа да мәмлекетлердиң басшылары, бас министрлери ҳәм сыртқы ислер министрлери де қатнасты.
Тынышлық кеңесиниң шөлкемлестирилиўи Өзбекстан сыртқы сиясатының тынышлықты тәмийинлеў бағдарындағы басламалары ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди қоллап-қуўатлаўға қаратылған тийкарғы ўазыйпаларына сәйкес болып есапланады. Жаңа структура БМШтың Қәўипсизлик Кеңеси резолюциясы менен қоллап-қуўатланған Газа секторындағы келиспеўшиликти сапластырыў бойынша комплексли режени әмелге асырыў шеңберинде қәлиплестирилмекте.

Тынышлық кеңеси келиспеўшиликтиң кескинлесиў қәўпин азайтыў, Газа секторында экономикалық ҳәм социаллық тиклениў ушын қолайлы шараятлар жаратыўға қаратылған. Бул абадан экономика ҳәм тыныш-татыў турмысқа ийе Жаңа Газаны қурыў, келешекте Палестина мәмлекетин дүзиў имканиятын жаратпақта.
Кеңес қурамынан дүньяның түрли мәмлекетлеринен абырайлы ҳәм тәсирли жетекшилер орын алды.
Кеңес Режесине қол қойып, Өзбекстан оны шөлкемлестирген мәмлекетлерден бирине айланды. Бул мәмлекетимиздиң кеңес жумысында избе-из қатнасыўға ҳәм барлық шөлкемлестириўши мәмлекетлер ҳәм халықаралық шериклер менен тығыз бирге ислесиўде оның ўәкилликлерин турмысқа енгизиўде әмелий үлес қосыўға таяр екенин аңлатады.
Тынышлық кеңесиниң Режесине қол қойыў мәресими шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев, Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев ҳәм Венгрия Бас министри Виктор Орбан арасында сөйлесиў болып өтти.

Жетекшилер дослық руўхында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерин додалады.
Көп тәреплеме, соның ишинде, Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңбериндеги бирге ислесиў перспективаларына айрықша итибар қаратылды.
Буннан соң Өзбекстан Президенти “Blackrock” компаниясы директорлар кеңесиниң ағзасы ҳәм үлкен басқарыўшы директоры Адебайо Огунлеси менен ушырасты.
Бул жетекши компания менен инвестициялық бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары ҳәм бурын ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери додаланды.
“Blackrock” компаниясының мәмлекетимиздеги тийкарғы жойбарларда қатнасыў перспективалары бойынша пикир алысылды.

Компанияның Өзбекстандағы бир қатар кәрханалардың капиталына кириў, биргеликтеги инвестиция механизмлерин ислеп шығыў ҳәм мәмлекеттиң инвестициялық орталығын жақсылаў ушын халықаралық экспертизаны тартыў бойынша басламалары қоллап-қуўатланды.
Давостағы илажлар шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң президенти Одил Рено-Бассо менен ушырасыў өткерди.

Бул жетекши финанс институты менен стратегиялық шерикликти және де тереңлестириў ҳәм бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әмелий тәреплери додаланды.
Банктиң мәмлекетимиз бенен бирге ислесиўи турақлы стратегиялық характерге ийе. Өзбекстан ЕТРБның региондағы ең ири шериги болып қалмақта. Банктиң инвестицияларының көлеми дерлик 7 миллиард долларға жетти.
2025-жылы әмелиятлар, соның ишинде, жеке меншик секторға бағдарланған қаржылардың көлеми 1 миллиард доллардан асты.
ЕТРБның “жасыл” энергетиканы раўажландырыў, транспорт инфраструктурасын модернизациялаў, экологиялық бағдарламаларды әмелге асырыў, финанс базарын реформалаў ҳәм исбилерменликти раўажландырыўға қосып атырған үлеси жоқары баҳаланды.
Усы жыл ушын бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары, соның ишинде, жеке меншик сектор ҳәм инфраструктураны раўажландырыў, темир жол транспортын санлы трансформациялаў ҳәм басқа да мәселелер белгилеп алынды.
Ҳаял-қызлар ҳәм жасларды заманагөй кәсиплер ҳәм бизнеске оқытыў бойынша бағдарламаларды даўам еттириўге айрықша итибар қаратылды.
Давостағы илажлар шеңберинде Президент Шавкат Мирзиёев Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Сербия Президенти Александр Вучич, АҚШ саўда министри Говард Латник, Уллы Британияның бурынғы Бас министри, Глобал өзгерислер институтының баслығы Тони Блер менен де сөйлесиўлер өткерди.
Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Швейцарияға әмелий сапары жуўмақланды.
ӨзА