Шахзада Уильям Саудияға дәслепки сапарын әмелге асырады

17

Уэльс шахзадасы Уильям Британия ҳүкиметиниң өтинишине бола, февраль айында Саудия Арабстанына дәслепки рәсмий сапарын әмелге асырады. Бул ҳаққында Кенсингтон сарайының администрациясы мәлим еткен.

Атап өтилиўинше, 2027-жыл белгиленетуғын еки Патшалық арасында дипломатиялық қатнасық орнатылғанының 100 жыллығы жақынласып атырғаны мүнәсибети менен шөлкемлестирилип атырған сапар даўамында тәреплер саўда, энергетика ҳәм инвестиция тараўларындағы бирге ислесиў мәселелерин додалайды.

Усы тәризде Шахзада Уильям 9-11-февраль күнлери өзиниң быйылғы жылғы дәслепки сырт елге рәсмий сапарына шығады.

Бул сапар етиўге Уллы Британия Бас министри Кир Стармердиң сораўы тийкар болған.

Г.Сатторова, ӨзА