Ески транспортлардан пайдаланыў ҳәм қайта дизимнен өткериў қадаған етиледи

30

2026-жыл 20-январьдағы 11-санлы ҳүкимет қарары менен жол ҳәрекети қәўипсизлигин санластырыў бойынша қосымша илажлар белгиленди.

2026-жыл 1-февральдан:

44 тоннадан артық жүк автомобильлери, кән-карьер техникалары, юридикалық шахсларға тийисли жөнелиссиз таксилер ҳәм “антиквар” транспортлар ушын айрықша сериялы дизимнен өткериў мәмлекетлик номер белгилери енгизиледи;

50 жыл ҳәм оннан ески транспортлардан пайдаланыў ҳәм қайта дизимнен өткериў қадаған етиледи, олар мәмлекетлик дизимнен шығарылады.

Автомототранспорт дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалықта мүлк ийесиниң мәнзилин көрсетиў талабы бийкар етиледи.

Автомототранспортты дизимнен өткериўде зәрүр ҳүжжетлер уйымлараралық электрон система арқалы алынады.

ӨзА