Европа парламенти АҚШ пенен саўда шәртнамасын ратификациялаўды тоқтатты

Европа парламенти Қурама Штатлар жетекшиси Дональд Трамптың Гренландияға қарсы қәўип-қәтерлеринен соң, ЕА ҳәм Вашингтон арасындағы саўда шәртнамасын ратификациялаў процесин “музлатты.”
“АзерТАЖ” мәлимлеме агентлигиниң жазыўынша, көпшилик сиясий топарлар өткен жылы Европа Аўқамы ҳәм АҚШ арасында дүзилген саўда шәртнамасын ратификациялаўды тоқтатып турыўды қоллап-қуўатлаған.
Мағлыўмат орнында: Трамп Гренландияның Қурама Штатларға қосылыўы зәрүр екенлигин бир неше мәрте атап өткен. Биринши мүддети даўамында ол атаўды сатып алыўды усыныс еткен ҳәм өткен жылдың март айында оны аннексия етиў мүмкин екенлигине ишарат еткен еди.
Г.Сатторова, ЎзА