Өзбекстан Президенти әмелий сапар менен Швейцарияға келди

28

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев әмелий сапар менен Цюрих қаласына келди.

Цюрих халықаралық аэропортында Президентимизди Бирлескен саўда-санаат палатасының басшысы Дорит Пробст күтип алды.

Сапардың  бағдарламасына муўапық, 22-январь күни Давос қаласында мәмлекетимиз жетекшисиниң АҚШ Президенти Дональд Трамптың басламасы менен шөлкемлестирилип атырған Тынышлық кеңесиниң Режесине қол қойыў мәресиминде қатнасыўы ҳәм бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар өткериўи нәзерде тутылған.