Өзбекстан Президенти әмелий сапар менен Швейцарияда болады

21

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев АҚШ Президенти Дональд Трамптың мирәт етиўине бола 21-январь күни Давос қаласында Америка жетекшисиниң басламасы менен шөлкемлестирилип атырған Тынышлық кеңесиниң режесине қол қойыў мәресиминде қатнасыў ушын әмелий сапар менен Швейцарияға жөнеп кетти.

Буннан бираз алдын мәмлекетимиз басшысы кеңеске шөлкемлестириўши мәмлекет сыпатында қосылыў усынысын қабыл еткен еди.

Мәмлекетимиз жетекшиси АҚШ Президентине жоллаған хатында бул баслама Жақын Шығыстағы көп жыллық келиспеўшиликлерди шешиў, кең регионда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў жолындағы әҳмийетли қәдем сыпатында баҳаланып атырғанын атап өтти.