Анкарада Өзбекстан ҳәм Түркия сыртқы ислер министрлери арасында сөйлесиўлер болып өтти

12

Түркия сыртқы ислер министри Ҳакан Фидан Анкарада Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов пенен ушырасты.

Түркия Сыртқы ислер министрлиги баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, Өзбекстан сыртқы ислер министри еки ел биргеликтеги стратегиялық режелестириў топарының төртинши мәжилисинде қатнасыў ушын Анкара қаласына барған.

Алдынғы күни еки мәмлекет қорғаныў министрлери Түркия пайтахтында сөйлесиўлер өткерген еди. Сөйлесиўлер даўамында қорғаныў тараўындағы бирге ислесиў шәртнамаларына қол қойылды.

Г.Сатторова, ӨзА